Янгиликлар
16
Билесизбе
Ишки ислер органы хызметкери пуқараға мүрәжат еткенде төмендегилерге мәжбүр :
- өз лаӯазымын, дәрежесин, фамилиясын, атын, әкесиниң атын айтыӯы, пуқараның талабына көре хызмет гүӯалығын көрсетиӯи, соң мүрәжат етиӯиниң себеби ҳәм мақсетин мәлим етиӯи;
- пуқараға қарата оның ҳуқық ҳәм еркинликлерин шеклеӯши илажлар қолланылған жағдайда, бундай илажлар қолланылыӯының себебин ҳәмде тийкарларын, сондай-ақ пуқараның усы мүнәсибет пенен жүзеге келетуғын ҳуқықлары ҳәм мәжбүриятларын оған түсиндириӯи шәрт.
Ишки ислер органы хызметкери өзине пуқара мүрәжат еткен жағдайда, өз лаӯазымын, дәрежесин, фамилиясын, атын, әкесиниң атын айтыӯы, оны дыққат пенен еситиӯи, өз ӯәкилликлери шеңберинде тийисли илажлар көриӯи ямаса қойылған мәселени шешиӯ кимниң ӯәкилигине кириӯин түсиндириӯи шәрт.
Ҳуқықый үгит нәсият ҳәм ағартыӯшылық бөлими
А.Отарбаев