Янгиликлар
14
Билесизбе
"Карантин" ямаса басқаша айтқанда "шеклеўши илажлар" – жуқпалы ҳәм паразитар кеселликлер тарқалыўының алдын алыўға қаратылған, хожалық ҳәм басқа искерликтиң өз алдына тәртибин, халық, транспорт қураллары, жүклер ҳәм (ямаса) товарлар ҳәрекетлениўиниң шеклениўин нәзерде тутатуғын ҳәкимшилик, медициналық-санитария илажлары ҳәм басқа илажлар есапланады.
Шеклеўши илажлар (карантин)ды өткериў тәртиби ҳәм мүддети Министрлер Кабинети, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, орынлардағы мәмлекетлик ҳәкимият органлары тәрепинен белгиленеди. Президент бийлиги менен (ПФ-5537-сан, 29.01.2020-ж) Өзбекстан Республикасына коронавирустың кирип келиўи ҳәм тарқалыўының алыдн алыў бойынша ис-илажлар бағдарламасын таярлаў бойынша Арнаўлы республика комиссиясы дүзилди.
Ҳүкимет қарары менен (176-сан, 23.03.2020-ж.) Арнаўлы комиссия карантин ямаса шеклеўши илажларды киргизиў бойынша ўәкилликлерге ийе болды.
Арнаўлы комиссия жағдай анализинен келип шығып, басқышпа-басқыш ол ямаса бул шеклеўши илажларды енгизип бармақта, мәселен халықаралық, ўәлатлараралық ҳәм районларарлық ҳәрекетлениўди, айырым шөлкемлер искерлигин, илажлар ҳәм мәжилислер өткерилиўин шеклемекте.
Өз нәўбетинде, "Өзин жеккелеў" – бул өз алдына шеклеўши илажлардан бири, яғный карантин илажы. "Өзин жеккелеў" ҳәтте инсан өзин саламат сезген жағдайда да басқа адамлар менен байланысты шеклеў ямаса илажы барынша кемейтириўди нәзерде тутады.
Карантин ўақтында наўқаслар медицианлық ямаса арнаўлы мәкемелерде медицина хызметкерлери бақлаўы астында болса, саў адамлар өзин жеккелеўи лазым.
Айырым шеклеўши илажлардың өз ўақтында киргизилиўи (транспорт ҳәрекетин шеклеў, жәмийетлик орынларды жабыў, мәжбүрий түрде маска тағыў ҳәм басқалар) Өзбекстанда COVID-19 ғалабалық тарқалыўының алдын алыў имканиятын берди.
Бирақ анализлер көрсетиўинше, айырымшеклеўши илажлар енгизилгеннен кейинги анықланып атырған коронавирус инфекциясын жуқтырыў жағдайлары кәсиплеслер, шаңарақ ағзалары арасында ушраўда лаўам етпекте, себеби усы шеңберде жетерлише қәўипсизлик илажлары көрилмей атыр. Сол мүнәсибет пенен зыянланыў ямаса керисинше басқаларға жуқтырыў қәўипин минимал дәрежеге түсириў мақсетинде "Өзин жеккелеў" илажлары әмел етиў керек.
Социаллық тармақларда айырым "экспертлер" карантин илажларының ҳуқықый тәбияты ҳаққында жалған хабарлар тарқатпақта. Бул хабарлар ҳақыйқатқа дурыс келмейди ҳәм Өзбекстан халқын шалғытпақта. Бундай ҳәрекетлер жуўапкершиликти, ҳәтте жынайый жуўапкершиликти келтирип шығарыўшы ҳуқықбузарлық сыпатында баҳаланыўы мүмкин.
Усы мүнәсибет пенен социаллық тармақлардағы топарлар ҳәкимшилиги ҳәм модераторлары, сондай-ақ блогерлер бундай авторлардың искерлигин шеклеўге жәрдем бериўи ҳәм жалған хабарлар тарқатыў ушын минбер жаратып бермеўи мақсетке муўапық болады.
Ҳуқықый үгит нәсият ҳәм ағартыӯшылық бөлими