Bog'lanish

Telefon
(+998 55) 101-10-08

Elektron manzil
qoraqalpoq@adliya.uz

Habar yuborish
Ishonch telefoni 1008

Янгиликлар

13

Нызамшылықтағы_жаңалықлар


Ҳүкимет қарары (210-сан, 09.04.2020-ж.) менен бажыхана сақлағышы, еркин сақлағыш ҳәм бажы алынбайтуғын саўда дүкәны искерлигин лицензиялаў бойынша мәмлекетлик хызметлер көрсетиўдиң ҳәкимшилик регламентлери тастыйықланды.
Усы ҳәкимшилик регламентлерге муўапық, юридикалық шахслар көрсетилетуғын мәмлекетлик хызметлеринен пайдаланыў ушын тек ғана МХОлары ямаса Бирден бир интерактив мәмлекетлик хызметлер порталы арқалы мүрәжат етеди.
Атап айтқанда, бажыхана сақлағышы искерлигин әмелге асырыў ушын лицензия әмел етиў мүддети шекленбеген ҳалда, сақлағыш аймағына ийе болған даўагерлерге тийисли тала ҳәм шәртлерге муўапық бериледи.
Бажыхана органлары тәрепинен шөлкемлестирилетуғын бажыхана сақлағышлары ашық түрдени бажыхана сақлағышлары есапланып, лицензия алыў талап етилмейди.
Бундай бажыхана сақлағышларын шөлкемлестириў ҳәм товарларды сақлаў тәртиби Мәмлекетлик бажыхана комитети тәрепинен белгиленеди.
Жүклерди лицензия менен тәмийинлемеген сақлағышлардан пайдаланған ҳалда коммерциялық тийкарда сақлаўға жол қойылмайды  (нызамшылықта нәзерде тутылған жағдайларда тысқары).
Лицензия бойынша ҳуқықыларды басқа шахсларға бериў қағаған етиледи.
Сақлағыш орны лицензиат тәрепинен арнаўлы ажыратылады ҳәм белгиленеди.
Бажыхана сақлағышы искерлигин лицензиялаў бойынша мәмлекетлик хызметлер көрсетиў тәртибине көре, сораўнама толтырылады ҳәм тийисли ҳүжжетлер усынылады.
Лицензиялаўшы орган (Мәмлекетлик бажыхана комитетиниң аймақлық басқармалары, "Тошкент-АЭРО" қәнигелестирилген бажыхана комплекси) ҳүжжетлерди көрип шығыў ушын эксперт комиссияға киргизеди.
Эксперт комиссия ҳүжжетлерди 15 күннен артық болмаған мүддетте тиккелей бажыхана сақлағышын шөлкемлестириў орнына шыққан ҳалда көрип шығады ҳәм жуўмақ таярлайды.
Соған көре, лицензиялаўшы орган лицензия бериў ямаса бас тартыў ҳаққында қарар қабыл етеди.
Лицензия бергенлиги ушын "Мәмлекетлик бажы ставкаларының муғдарлары" 22-бәнтине муўапық мәмлекетлик бажы өндириледи.
Мәмлекетлик хызмет көрсеткенлиги ушын БЕМның 50 проценти (111 мың 500 сум), БМХП арқалы мүрәжат етилгенде усы сумманың 90 проценти (100 мың 350 сум)  муғдарында жыйым өндириледи.