Bog'lanish

Telefon
(+998 55) 101-10-08

Elektron manzil
qoraqalpoq@adliya.uz

Habar yuborish
Ishonch telefoni 1008

Янгиликлар

12

Ҳүрметтли пуқаралар!


Республика арнаӯлы комиссиясының 2020-жыл 8-апрелдеги қарары менен 2020-жыл 9-апрелден баслап автотранспорт қураллары ҳәрекетлениӯине мәмлекет хызметлер орайлары тәрепинен арнаӯлы рухсатнама бериӯ тоқтатылған еди.
Усы қарар тийкар транспорт қуралларын ҳәрекетлениӯи бойынша берилгенарнаӯлы рухсатнамаларды өз күшин сақлап қалыӯы мәселесинде айырым түсинбеӯшиликлер болмақта.
Соған көре, Арнаӯлы комиссияның жокарыдағы қарарына тийкар автотранспорт қуралларына 2020-жыл 9-апрель күнине шекем берилген арнаӯлы рухсатнамалар (стикерлер) тийкарында ҳәзирде ҳәрекетлениӯ ҳуқықы сақлап қалынғанлығын және бир мәрте еслетип өтемиз.
Айтып өтиӯимиз керек, ҳәзирги ӯақытта айырым шахслар тәрепинен берилген арнаӯлы рухсатнамаларды басқа шахсларға пайдаланыӯ ушын бериӯ ямаса олардан мақсетсиз пайдаланыӯ арқалы карантин илажларын бузыӯ жағдайлары ушрамақта.
Усы мақсетте, пуқаралардан арнаӯ рухсатнамалардан мақсетли пайдаланыӯ арқалы жәрияланған карантин илажларына қатаң әмел етиӯин сораймыз.