Янгиликлар
10
Енгизилген карантин илажлары қаншели нызамлы?
Мәмлекетимизде карантин ис-илажларының енгизилиӯи қатаң түрде нызамшылық шеңберинде әмелге асырылған.
«Халықтың санитария-эпидемиологиялық тынышлық ҳаққында»ғы Нызамға (https://www.lex.uz/docs/2732587) муӯапық Өзбекстан Республикасы аймағының санитариялық қорғалыӯы санитария-карантин қадағалаӯын әмелге асырыӯ ҳәм шеклеӯши илажлар (карантин) енгизиӯ менен тәмийинленеди.
Шеклеӯши илажлар (карантин) – жуқпалы ҳәм паразитар кеселликлер тарқалыӯының алдын алыӯға қаратылған, хожалық искерлиги ҳәм басқа искерликтиң айрықша тәртибин, халық, транспорт қураллары, жүклер ҳәм (ямаса) товарлар ҳәрекетлениӯиниң шеклениӯин нәзерде тутатуғын ҳәкимшилик, медициналық-санитария ис-илажлары ҳәм басқа ис-илажлары.
Өзбекстан Республикасы аймағының санитария қорғалыӯы нызам ҳүжжетлерине муӯапық басқа ис-илажлар менен де тәмийинлениӯи мүмкин.
Халықтың санитария-эпидемиологиялық тынышлығы тараӯындағы талапларды белгилейтуғын ҳүжжетлер мәмлекетлик органлары ҳәмде басқа органлар, юридикалық ҳәм физикалық шахслар тәрепинен әмел етилиӯи шәрт болған ҳүжжетлер.
Көпшилик мәмлекетимизде карантин әмел етпей атыр деген пикир билдирип, оған ҳәрекетлениӯ ямаса хожалық искерлигине толық қадаған орнатыӯдан ибарат бирден-бир илаж сыпатында қарамақта.
Бирақ, негизинде бундай емес. Республикамызда карантин жәрияланған, оның анық шегаралары ҳәм қағыйдалары бар болып, олар эпидемиологиялық жағдайдан келип шығып енгизиледи ямаса бийкәр етиледи. Мәселен, 16 марттан баслап барлық билимлендириӯ мәкемелери жабылды.
Ҳуқықый үгит нәсият ҳәм ағартыӯшылық бөлими бас мәсләхатшиси А Отарбаев