Bog'lanish

Telefon
(+998 55) 101-10-08

Elektron manzil
qoraqalpoq@adliya.uz

Habar yuborish
Ishonch telefoni 1008

Янгиликлар

09

Конституция – ҳуқықый мәмлекет қурыў тийкары


Конституция – ҳәр қандай мәмлекеттиң баслы нызамы болып, ол өзинде мәмлекеттеги пуқаралардың ерк-ықрарын сәўлелендириўши, инсан ҳуқық ҳәм еркинликлерин тәмийнлеўши, мәмлекет ҳәкимияты уйымлары хызметин тәртипке салыўшы ҳәм жумыс алып барыў принциплерин белгилеўши ең жоқары юридикалық күшке ийе болған ҳүжжет есапланады.
Конституция мəмлекеттиң тийкарғы нызамы болып, ҳəр бир  мəмлекеттиң келбети ҳəм келешегин белгилейди. Президентимиз айтып өткениндей, “Ҳуқықый мәмлекеттиң тийкарғы белгиси – барлық пуқаралардың нызам алдында теңлиги, Конституция ҳәм нызам үстинлиги” саналады.
1993-жыл 9-апрель күни мазмуны ҳəм əҳмийетин ҳеш нəрсе менен өлшеп болмайтуғын, улыўма жетик болған тарийхый ҳүжжет – Қарақалпақстан Республикасы Конституциясының қабыл етилиўи менен жаңа мəмлекет ҳəм жəмийет қурыўдың жаңа имканиятлары ашылды.
Сол күннен баслап елимизде еркин базар қатнасықларына тийкарланған ҳуқықый демократиялық мəмлекет ҳəм пуқаралық жəмийетин қурыўда, халқымыз турмыс тəризин абат ҳəм пәраўан етиўде Конституциямыз беккем тийкар болып келмекте.
Конституцияда Қарақалпақстан халқының демократия, инсан ҳуқықлары ҳәм социал әдалат идеяларына садықлығы жәрияланған. Демократия улыўма тән алынған инсаныйлық принциплерине тийкарланады. Инсан оның турмысы, еркинлиги, ар-намысы, қәдир-қымбаты ҳәм басқа қол қатылмас ҳуқықлары ең жоқарғы қәдириятлар есапланыўы Конституцияның 13-статьясында белгилеп қойылған.
Конституциямыздың ҳəр бир статьясы инсан ушын, оның материаллық ҳəм руўхый талап ҳəм мүтәжликлерин, мəплерин қанаатландырыў ушын, халқымыздың гүллеп-жаснаўы ушын хызмет етеди.
Конституция – ҳәр бир мәмлекеттиң, оның халқының ой-пикирин, ерк-ықрарын, жәмийетлик санасын ҳәм мәдениятын ҳәр тәреплеме сәўлелендириўши тийкарғы Нызам болып табылады.
Ҳәр қандай мәмлекеттиң демократиялық өзгешеликлерин көрсететуғын шәртлериниң бири инсан ҳуқықына ҳәм еркинликлерине болған қатнасық болып табылады.
Конституцияда ең жоқарғы қәдрият сыпатында мәмлекет ҳәм жәмийетлик дүзим емес, ал инсан ҳуқықлары жоқары дәрежеге көтерилгени  мәмлекеттиң шахс алдындағы жуўапкершилиги белгиленген.
Тийкарғы нызамымыз халық мәпи ушын хызмет етип, ис жүзинде халық бийлигин тәмийинлейди. Бул тийкарғы демократиялық принцип Конституциямыздың 7-статьясында тастыйықланып, “халық мәмлекет ҳәкимиятының бирден-бир дереги” деп көрсетилген. Халық сайлаўлар арқалы ўәкилликли мәмлекет ҳәкимиятын қәлиплестиреди. Бундағы мақсет халқымыздың белсендилигин, сиясий ҳәм ҳуқықый санасын көтериў бойынша әмелге асырылып атырған жумысларымыздың нәтийжелилигин тағы да арттырады.
Ҳәр қандай демократиялық мәмлекеттиң раўажланыўын белгилеп беретуғын көрсеткишлердиң бири бул сол мәмлекеттиң инсан ҳуқықларына болған қатнасында көринеди.
Қарақалпақстан Республикасы Конституциясында да инсан ҳуқықлары жоқары дәрежеге көтерилип, оның мәмлекет ҳәм сиясаттан үстинлиги белгиленген. Тийкарғы нызамымыздың 18-статьясында Қарақалпақстан Республикасының барлық пуқаралары бирдей ҳуқықларға және еркинликлерге ийе болып, жынысының, расасының, тилиниң, дининиң, социаллық шығысының, исенимлериниң, жеке ҳәм жәмийетлик аўҳалының айырмашылығына қарамастан нызам алдында теңлиги айрықша белгилеп қойылған.
Сондай-ақ, Конституциямыздың 9-бабында пуқаралардың экономикалық ҳәм социаллық ҳуқықлары белгиленген болып, ҳәр бир адам меншик ҳуқықына ийе екенлиги, мийнет етиў, жумысты еркин таңлап алыў ҳәм нызамда көрсетилген тәртипте жумыссызлықтан қорғаныў, жалланып ислеп атырған барлық пуқаралар дем алыў ҳуқықына ийе екенлиги белгиленген.
Буннан тысқары, ҳәр ким қартайғанда, мийнет етиў уқыбынан айрылғанда, сондай-ақ, асыраўшысынан айрылғанда ҳәм нызамда нәзерде тутылған басқа да жағдайларда социаллық жақтан тәмийинлениў ҳуқықына ийе екенлиги ҳаққындағы нормалар белгиленген.
Жеке ҳуқық ҳәм еркинликлер инсанға тийисли болған басқа ҳуқық ҳәм еркинликлерден үстин турады. Соның ушын да бул ҳуқық
ҳәм еркинликлерди тастыйыклаўшы ҳуқықый тийкарлар Конституцияда биринши гезекте сәўлелендирилген.
Конституцияның түп мәниси, мақсетлери, идеяларының өзегинде ҳалық, миллет, инсан мәплери жатады. Онда инсан еркинлиги, жеке шахс ҳуқықларының кепиллениўи өз сәўлелениўин тапқан.
Халық ҳәм инсан мәплерин гөзлеў, оның материаллық ҳәм руўхый талапларын жәмийет раўажланған сайын толығырақ қанаатландырып барыў, әсиресе, жеке ҳуқықларын, еркинликлерин ҳәм миннетлерин әмелге асырыў, кепиллигин орнатыў ҳәм де оны қорғаў Конституцияның бас мақсети болып есапланады.
Инсанның жеке ҳуқық ҳәм еркинликлери дегенде оның қайсы мәмлекет пуқаралығына тийислигине қарамастан, оның туўылыўы менен ийе болатуғын тәбийий ҳуқық ҳәм еркинликлериниң жыйындысы түсиниледи. Жеке ҳуқық ҳәм еркинликлерге ҳәр бир шахс туўылыўы менен ийе болады, соның ушын бул ҳуқық ҳәм еркинликлер инсаннан ажыралмас ҳуқықлар болып табылады. Мәмлекет жеке ҳуқық ҳәм еркинликлердиң толық қорғалыныўын тәмийинлейди. Жасаў ҳуқықы ҳәр бир шахстың ажыралмас ҳуқықы болып, оған қол қатыў ең аўыр жынаятлардың бири болып табылады. Конституциямызда ҳәр бир адам еркинлик ҳәм жеке қол-қатылмаслық ҳуқықына ийе екенлиги ҳаққындағы қағыйдалар белгиленген.
Қарақалпақстан Республикасы Конституциясы ҳақыйқый демократиялық принциплерди өзинде сәўлелендирген Конституция есапланады. Ол тарийхта сыналған улыўма инсаный қәдириятларды, пуқаралардың ҳуқық ҳәм еркинликлерин, мәмлекет суверенитетин, нызамлардың үстинлиги, демократияны, социаллық әдилликти, ҳалықаралық ҳуқықтың улыўма тән алынған нормаларының үстемлигин өз ишине алады.
Улыўмаластырып айтқанымызда, Конституция базар қатнасықларына өтиўде жеке мүлк қатнасықларың қәлиплестириў, көппартиялық, сиясий плюрализм, пуқаралық тынышлықты, ҳәкимиятлар бөлиниўи, улыўма демократиялық-ҳуқықый мәмлекет қурыў нормаларын жәмлеген.


Қарақалпақстан Республикасы
Әдиллик министрлиги ис жүритиӱшиси            
Дилбар Науризбаева