Bog'lanish

Telefon
(+998 55) 101-10-08

Elektron manzil
qoraqalpoq@adliya.uz

Habar yuborish
Ishonch telefoni 1008

Янгиликлар

09

Конституция ҳәм нызам үстинлиги – демократиялық жәмийет қурыӱдың тийкарғы дереги


Конституция – миллий ҳуқық системасының тийкарғы дереги болып, ең жоқары юридикалык күшке ийе болған ҳуқықый ҳүжжет болып есапланады.
Өзбекстан Республикасы Конституциясының 71-статьясына муўапық, Қарақалпақстан Республикасы өз Конституциясына ийе болыў кереклиги белгиленген.
Мине усындай ҳуқуқый негизге көре, 1993-жыл 9-апрель күни Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң XII шақырық XII сессиясында Қарақалпақстан Республикасы Конституциясы қабыл етилди.
Қарақалпақстан Республикасы Конституциясы Алғы сөз, VI бөлим, XXVI бап ҳәм 121 статьядан ибәрат.  
Конституциямыз мәмлекет ҳәкимиятын дүзиў, мәмлекетлик уйымлардың жумысын шөлкемлестириўде нызамда белгиленген тийкарғы қағыйдаларын көрсетиў менен бирге, жәмийет турмысының барлық тараўларындағы қатнасықлардың раўажланыўы, тынышлық ҳәмде парахатшылықты тәмийинлеў, адамлар санасы ҳәм ой-пикирлеўиниң руўхый көтериңкилик дәрежесиниң негизи болып есапланады.  
Конституциямыз бүгинги жедел пәт менен өзгерип атырған дүньядағы процесслердин барлық сынаўларынан табыслы өтип келмекте.
Ҳәр қандай мәмлекеттиң демократиялық өзгешеликлерин көрсететуғын шәртлериниң бири бул инсан ҳуқықына ҳәм еркинликлерине болған қатнасық болып табылады.
Конституция өзинде инсаныйлық идеясын жәмлеген, елимизде избе-излик пенен әмелге асырылып атырған реформалар-мәмлекет қурылысы тараўында болама, жәмийет қурылысы, нызамшылық, суд ҳуқық системасында болама, олардың ҳәммесин  системалы түрде бир пүтин қылып байланыстырып турыўшы тийкарғы буўын – бул  инсан мәплери болып есапланады.
Усы тийкарда бүгинги күнге шекем Конституциямызға бир қатар өзгерис ҳәм қосымшалар киргизилди.
Конституцияға киргизилген ақырғы өзгерислерге тоқталып өтетуғын болсақ, 2019-жыл 29-июнь күни Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң XXVI сессиясында қабыл етилген нызамға көре, Конституцияның 70, 73, 75, 81, 85, 99, 101, 102, 103, 104, 105-статьяларына өзгерис ҳәм қосымшалар киргизилип, усы нызамның 1-статьясы 13-бәнтинде “105-120-статьялары тийислилигинше 16-121-статьялары болып есаплансын” делинген, яғный алдын 120 статьядан ибарат болған Конституциямыздың усы нызам күшке кирген күннен баслап 121 статьядан ибаратлығы белгиленди.
Елимизде қабыл етилип атырған ҳәр қандай нызам, нызам асты ҳүжжетлери Конституция тийкарында  қабыл етиледи. Қабыл етилип атырған бундай ҳуқықый ҳүжжетлер негизинде болса, инсан ҳәм оның қәдири, ден саўлығы турады.
Хабарыңыз бар мәмлекетимизде бүгинги күнде коронавирус инфекциясы тарқалыўының алдын алыў бойынша Республикамызда  бир қатар әмелий жумыслар алып барылмақта.
Инфекция тарқалыўының алдын алыў бойынша ислеп шығылған илажлар бағдарламасының сөзсиз орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде дүзилген арнаўлы комиссия ҳәмде шөлкемлестирилген штаб тәрепинен  күнделикли ҳалат турақлы қадағаланбақта.
Денсаўлықты сақлаў мәкемелери, соның ишинде санитария-эпидемиологиялық тынышлық орайларының биналарын ҳәм материаллық-техникалық базаларын беккемлеў, базарларда тийкарғы түрдеги азық-аўқатлық өнимлер ҳәм дәриханалардағы санитария-гигиеналық буйымлардың баҳалары өсип кетиўиниң алдын алыў бойынша анық илажлар көрилмекте.
Сондай-ақ, санитарияға байланыслы нызам ҳүжжетлерин ямаса эпидемияға қарсы гүресиў қағыйдаларын бузғанлығы ушын нызамшылығымызда    жуўапкершиликлер бар ҳәм олар және де күшейтилди.
Карантин шәраятында мәмлекетлик санитариялық-эпидемиологиялық қадағалаў уйымларының нызамлы талапларын, мәселен, медициналық тексериўден өтиў ҳәм емлениў, карантинди өтеў ушын белгиленген орынларға жетип барыў және усы орынды белгиленген мүддет даўамында таслап кетпеў, кеселлик жуғыў қәўипи болған дәўирде байланыста болған шахслар ҳәм барған жерлери туўралы мағлыўматларды жәриялаў ҳаққындағы ямаса басқа нызамлы талапларды кеширимли себеплерсиз орынламаў жынаят болып есапланады.
Бурынлары карантин қағыйдаларын бузғанлығы ушын, егер бул адамлардың ғалаба кеселлениўине алып келсе, 3 жылға шекем еркинен айырыў жазасы белгиленген болса, күшейтилген тәртипке тийкар, енди бул ушын 5 жылға шекем еркинен айырыў жазасы қолланылады.
Егер усы ҳәрекет адамлардың өлимине себепши болса, 5 жылдан 8 жылға шекем еркинен айырыў менен жазаланыўы мүмкин еди. Енди карантин қағыйдаларын бузған адам 10 жылға шекем еркинен айырылыўы мүмкин.
Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодекстиң 54-статьясында нықапсыз жүргенлиги ушын жуўапкершиликти нәзерде тутатуғын бөлим менен толықтырылды.
Карантин шәраятында жәмийетлик орынларда нықапсыз болыў 1 миллион 115 мың сум муғдарында жәрийма салыўға себеп болады.
Демек, пүткил дүнья халқы басынан өтип атырған бүгинги сынаӱлы дәӱирде, хақымыздың нызамларға бойсыныӱы, санитария эпидемия қағыйдаларына әмел етиӱин сорап  қаламан. Себеби, нызам шеңберинде белгиленген тәртиплерге әмел етсек, халқымыз әлбетте бул күнлерди жеңип өтеди деп исенемиз.

С. Мамбеткадыров
Қарақалпақстан Республикасы әдиллик министри