Янгиликлар
08
КОРРУПЦИЯҒА ҚАРСЫ ГҮРЕСИЎ ҲӘР БИР ПУҚАРАНЫҢ МИННЕТИ!
Коррупция сөзи – латын тилинен “korruptio” – бузыў, сатып алыў, пара берип өзине қаратып алыў мәнисин береди.
Коррупция тек ғана жынаят ҳуқықының яки криминологияның машқаласы емес. Коррупция қурамалы сиясий, экономикалық ҳәм әдеп икрамлылық мазмунға ийе болған кең көлемли машқала есапланады.
Теориядағы илимпазлар, сиясатшылар ҳәм әмелиятшылар ортасында коррупция түсиниги ҳаққында ҳәр қыйлы пикирлер бар. Айырым илимпазлар коррупция бул пара ушын сатылыў десе, айырымлары коррупция – кең көринисиндеги жынайыйый бирлеспе деп сыпатлама береди.
Теориялық жақтан сыпатлағанда коррупция – бул мәмлекетлик ўазыйпаны атқарыўшы лаўзымлы шахстың яки жуўапкер лаўазымлы шахстың өз ийелеп турған лаўазымы ҳәм лаўазымы менен байланыслы абыройынан, мүмкиншилигинен жеке байлық арттырыў мақсетинде, дәмегөйлик нийетинде
бир шахстың яки бир топар шахслардың мәпин гөзлеп ҳәкимиятқа зыян келтириўи менен байланыслы жәмийетке қәўипли ҳәдийсе.
Илимий әдебиятларда төмендеги себеплер коррупцияны келтирип шығарыўшы улыўмалық себеплер қатарына киреди:
-демократиялық қәдириятлар терең аңланылмаўшылық.
-пуқаралық жәмийети институтларының коррупцияға қарсы гүресиўге жетерли дәрежеде тартылмағанлығы.
-ҳәкимият институтлары системасында нуқсанлар барлығы.
-нызамшылқ техникасы жетерли дәрежеде методикалық тәмийинленбегенлиги ҳәм тийкарғы қағыйдалары турмысқа дурыс енгизилмегенлиги.
Жоқарыдағылар улыўмалық себеплер болса, қәнигелер корупцияны белгилеўши арнаўлы себеплер қатарына айырым тараўлар ҳуқықый тәрептен лазым дәрежеде тәртипке салынбағанлығын ҳәм әмелдеги нызам ҳүжжетлеринде ушырасатуғын кемшиликлерди атап өтеди.
Ҳәр қандай жағдайда да коррупциядан тиккелей жәбир көретуғын бул жәмийет ҳәм инсәнлар. Сол ушын да дүнья жәмийетшилиги тәрепинен
бул машқала глобал машқала сыпатында тән алынып, оған қарсы гүрестиң мәмлекетлер ортасында муўапықластырылған дәстүрлери ҳәм басқа ҳуқықый нормалары ислеп шығылған.
Солардан бири, БМШниң “Бирлескен Миллетлер Шөлкеминиң коррупцияға қарсы Конвенция”сы глобал шеңберде қабыл етилген халық аралық-ҳуқықый хүжжет болып, Конвенцияда коррупцияға қарсы ҳалық аралық ҳәм миллий гүрес әмелиятын жолға қойыў, оларды әмелге асырыў механизмлери бойынша көрсетпелер ислеп шығылған.
Бирлескен Миллетлер Шөлкеми Бас Ассамблеясының 2003-жыл 31-октябрдеги 58/4-санли Қарары менен қабылланған “Бирлескен Миллетлер Шөлкеминиң коррупцияға қарсы Конвенциясы”ның преамбуласында “Коррупция – бул жәмийетти түрли жоллар менен искенжеге алатуғын қорқынышлы иллетдур. Ол демократия ҳәм ҳуқық үстинлиги тийкарларына зыян жеткереди, инсан ҳуқықлары бузылыўына алып келеди, базарлар искерлигине тосқынлық қылады, турмыс сыпатын төменлетеди ҳәм адамлар қәўипсизлигине сая салатуғын уйымласқан жыныятшылық, терроризм ҳәм басқа қубылыслар тамыр жайып, гүллеўи ушын шараят жаратып береди деп көрсетилген.
БМШниң жоқарыдағы қарарының 7-бәнтине тийкар 9-декабрь халықаралық коррупцияға қарсы гүресиў күни деп аталыўы лазымлығы ҳаққында қарар қабыл етилген.
Бул Конвенция 8 баб, 71 статьядан ибәрат.
Конвенцияның 1-статьясында оның мақсетлери белгилеп берилген болып, булар төмендегилер:
-еледе нәтийжели ҳәм тәсиршең рәўиште коррупцияның алдын алыў ҳәм оған қарсы гүресиўге қаратылған ис-иләжларды қабыл етиў ҳәмде беккемлеўге көмеклесиў;
-коррупцияның алдын алыў ҳәм оған қарсы гүресиўде, сондай-ақ, активлерди қайтарыў бойынша халық аралық бирге ислесиў ҳәмде техник жәрдем көрсетилиўин хошаметлеў, аңсатластырыў ҳәм қоллап-қуўатлаў;
-ҳадаллық ҳәм садықлық, жуўапкерлилик ҳәмде ғалаба (оммавий) жумыслар ҳәм ғалабалық (оммавий) мал-мүлкти талап дәрежесинде басқарыўды хошаметлеў болып табылады.
Өзбекстан Республикасы бул конвенцияға 2008-жыл 7-июлдеги “Бирлескен миллетлер шөлкеминиң коррупцияға қарсы конвенциясына Өзбекстан Республикасының қосылыўы ҳаққында”ғы ЎРҚ-158-санлы Өзбекстан Республикасы нызамына тийкар қосылған.
Усы нызамға тийкар, Өзбекстан Республикасы Бас прокуратурасы, Ишки ислер министрлиги, Миллий қәўипсизлик хызмети ҳәм Әдиллик министрлиги коррупцияның алдын алыў бойынша анық ис-иләжлар ислеп шығыў ҳәм оларды әмелге асырыўда басқа Қатнасыўшы-мәмлекетлерге жәрдем көрсетиўи мүмкин болған органлар сыпатында көрсетилип, соның ишинде Өзбекстан Республикасының Бас прокуратурасы өз-ара ҳуқықый жәрдем көрсетиў ҳаққындағы илтимасларды алыў ҳәм орынлаў яки бундай илтимасларды орынлаў ушын Өзбекстан Республикасының басқа ўәкилликли органларына жибериўге жуўапкер болған орайлық орган етип белгиленген.
Өзбекстан Республикасында коррупция жынаятларының алдын алыў, оған қарсы гүресиў бойынша нызамшылық база жаратылған ҳәм ол системалы рәўиште жетилистирилип барылмақта.
Бул тараўдағы қатнасықларды тәртипке салыўға, яғный лаўазымлы шахслардың жуўапкершилигин асырыўға қаратылған Хүкиметимиз тәрепинен қабыл етилген әҳмийетли ҳүжжет Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2016-жыл 2-марттағы “Мәмлекет басқарыўы органлары ҳәм жергиликли атқарыўшы ҳәкимият органлары хызметкерлериниң әдеп-икрамлылық үлги қағыйдаларын тастыйықлаў ҳаққында”ғы 62-санлы қарары болды.
Өзбекстан Республикасында коррупцияға қарсы миллий нызамшылық бул тараўдағы ҳалық аралық нызамшылық нормаларына дерлик толық муўапықластырылған.
Бу салада мәмлекетимиз тәрепинен 2017-жыл 3-январда ЎРҚ-419-санлы Нызамы менен тастыйықланған “Коррупцияға қарсы гүресиў ҳаққында”ғы Нызамы оғада әҳмийетли есапланады.
Коррупцияға қарсы жынаятларды анықлаў, алдын алыў, оған қарсы гүресиў бойынша институционал мәкемелер системасы қәлиплестирилген.
Өзбекстан Республикасы Жынаят кодексиниң 15-бабы Басқарыў тәртибине қарсы жынаятлар деп аталып, кодекстиң 205-статьясына тийкар ҳәкимият
яки лаўазым ўәкилликлеринен пайдаланғанлық ушын, 210-ст. тийкар пара алғанлық ушын, 211-ст. тийкар пара бергенлик ушын, 212-ст. тийкар пара алыў-бериўде дәлдалшылық қылғанлық ушын, 213-ст. тийкар мәмлект органының, мәмлекет қатанасындағы шөлкемниң яки пуқаралар өзин-өзи басқарыў органының хызметшисин пара есесине аўдырып алғанлық ушын, 214-ст. тийкар мәмлекет органы, мәмлекет қатанасындағы шөлкем яки пуқаралардың өзин-өзи басқарыў органы хызметшисиниң нызамға қайшы рәўиште материаллық баҳалықлар алыўы яки мүлкий мәпдар болғанлығы ушын жынайы жазалар белгиленген.
Яғный, жоқарыда атап өтилген Бирлескен миллетлер шөлкеминиң коррупцияға қарсы конвенциясына ҳәм басқада халық аралық ҳүжжетлерде нәзерде тутылған талаплар тийкарында коррупция жынаяты деп табылатуғын қылмыслар, лаўазымлы шахс түсиниги, бул жынаят субъектлери бойынша басқа да талаплар кодекске киритилген.
Коррупция жынаятшылығының келип шығыў механизми төмендегише сыпатланады:
-коррупция еки тәреплеме дүзилетуғын келисим болып, онда лаўазымлы шахс яки мәмлекетлик хызметтеги басқа шахс өзиниң лаўазымы, абыройы ҳәм оларға байланыслы мүмкиншиликлерге тийкарланып, өз хызмети ўәкилликлерин яки хызметин физикалық яки юридикалық шахсларға, топарларға (соның ишинде жынайый бирлеспе) рәсмий түрде “пуллаўды”, ал, “қарыйдар” болса мәмлекет дүзилмеси яки басқа дүзилмеден өз мақсетлеринде пайдаланыў мүмкиншилигин қолға киргизиў;
-хызметкер тәрепинен таўламашылық жолы менен пара яки қосымша ҳақы өндириўи есапланады.
Парахорлық латентлиги (жасырынлығы) жоқары жынаятлар топарына киреди. Әдетте жынаят исленгеннен кейин ҳеш қандай из қалдырылмайды ҳәм бул жынаяттың ашылыўы қыйын есапланады.
Көпшилик жағдайларда парахорлық жынаятының жүз бергенлигиниң анықланыўы бириншиден, пара бериўши ҳәм пара алыўшы ортасындағы келиспеўшилик нәтийжесинде, екиншиден, басқа бир жынаятларды тергеў барысында, үшиншиден, ҳуқық қорғаў уйымларының профилактик шараларды әмелге асырыўы нәтийжесинде анықланыўы мүмкин.
Халық арасында өткерилген сораўлар нәтийжесине қарағанда парахорлар кемнен кем дәмегөйшилик етеди. Дәмегөйлик көрсеткенлер 6% қурайды, пара бериўшилердиң өзлериниң интасы менен пара берилиўи 94% қурайды екен.
Лекин, бул шахслар өз машқалаларын пара бермей-ақ, шешиў имканияты болсада өзлериниң интасы менен пара береди. Парахорлықтың жәмийетлик қәўиплигилиги параның тәбийий нәрседей болып қалғанлығы. Сол себепли парахорлықтың жүз бериўи социаллық шараятта көринеди.
Коррупция жынаятларының себеплерин үйрениў – бул жынаятлардың келип шығыўының себеплери ҳәкимият институтларының системасындағы кемшилик пенен, нызамшылық техникасындағы кемшилик пенен сондай-ақ, ҳуқық қорғаў уйымларында коррупция машқаласы менен гүресиўдиң ҳәлсизлиги менен байланыслы деген жуўмаққа алып келеди.
Ҳәзирги күнде нызам ҳүжжетлеринде корупциоген нормалар киритилиўиниң алдын алыў мақсетинде Өзбекстан Республикасы Әдиллик министрлиги тәрепинен нызам ҳүжжетлериниң ҳуқуқый экспертизасын өткериўде ҳүжжетлер жойбарлары коррупцияға қарсы экспертизадан да өткерилмекте.
Бул бойынша Өзбекстан Республикасы әдиллик министриниң 2015-жыл 25-декабрдеги 384-мҳ-санли буйрығы менен “Норматив-ҳуқықий ҳүжжетлер жойбарларын коррупцияға қарсы экспертизасын өткериў Методикасы” тастыйықланған.
Методикаға тийкар ҳүжжет жойбарында коррупциялық белгилерге ийе нормалар булар – ҳуқықты қоллаўшыларға тийкарсыз рәўиште көрип шығыўдың кең шеңберин яки улыўмалық қағыйдалардан шығыўшы шегиниўлерди тийкарсыз қоллаў имкәниятын белгилеўши, физикалық ҳәм юридикалық шахсларға анық болмаған, орынланыўы қыйын болған ҳәм (яки) аўырластырылған талапларды, сондай-ақ ҳуқықты тәртипке салыўдағы бослықларды өз ишине алған жойбарлардың нормалары есапланады.
Төмендегилер коррупцияға қарсы экспертизаның ўазыйпалары есапланады:
-жойбарларда коррупцион ҳуқықбузарлықлар ислениўине имканият жаратыўшы коррупцион белгилерди анықлаў;
-коррупцион ҳуқықбузарлықлар ислениўи мүмкинлигине тийисли бөлими бойынша жойбарды қабыл етиў ақыбетлерин улыўма баҳалаў;
-норматив-ҳуқықый ҳүжжетларди қоллаў процессинде коррупцион түстеги қәўиплердиң пайда болыўы имкәниятларын прогнозластырыў;
-жойбарларда анықланған коррупцион белгилерди сапластырыўға қаратылған усынысларды ислеп шығыў ҳәм иләжлар көриў.
Жуўмақлап айтқанда, бул тараўдағы жынаятлардың алдын алыў антикоррупцион режелерди раўажландырыў, миллий нызамшылығымыздың
БМШ ның Коррупцияға қарсы Конвенциясы талапларына еледе сәйкеслендириў, яғный коррупцияға қарыс гүрес пенен арнаўлы шуғылланыўшы бирден-бир орган шөлкемлестириў, коррупцияға қарсы нызамшылықты еледе жетилистириў, мәмлекетлик хызмет системасының әшкаралығын күшейтиў ҳәм әлбетте пуқаралардың ҳуқықый сана ҳәм мәдениятын асырыў менен байланыслы
деп есаплаймыз.
Қарақалпақстан Республикасы
Әдиллик министрлиги
Кадрлар бөлими
бас мәсләҳәтшиси Х. Атаджанов