Bog'lanish

Telefon
(+998 55) 101-10-08

Elektron manzil
qoraqalpoq@adliya.uz

Habar yuborish
Ishonch telefoni 1008

Янгиликлар

07

КАРАНТИН ҚАҒЫЙДАЛАРЫНА ӘМЕЛ ЕТИҢ ҲӘМ ӨЗИҢИЗДИ АСЫРАҢ!


2019-жылдың декбарь айында Қыйтайдан басланған коронавирус пандемиясы бүгинги күнге келип пүткил дүньяны қамтып алды.
Коронавирус дүнья ҒХҚларының бас қаҳарманына айланды. Пандемия Пүткил жәҳән денсаўлықты сақлаў шөлкеми тәрепинен халықаралық көлемдеги айрықша жағдай сыпатында тән алынды.
Тилекке қарсы, мәмлекетимизде усы вирусты жуқтырғанлық ҳалаты анықланғанлығы, вирустың республикамызға шеттен кирип келиўи қәўипиниң асқанлығы итибарға алынған ҳалда пуқаралардың өмири ҳәм денсаўлығын қорғаў мақсетинде бир қатар илажлар әмелге асырылмақта. Қатаң талаплар белгиленди. Қағыйдаларды бузғанлар ушын жазалар аўырластырылды. Яғный, Жынаят кодексы 2445-статья менен толықтырылды.
Оған көре, карантинли ҳәм инсан ушын қәўипли болған басқа жуқпалы кеселликлердиң пайда болыўы ҳәмде тарқалыўы шәраятында карантинли ҳәм инсан ушын қәўипли болған басқа жуқпалы кеселликлер тарқалыўы ҳаққында ҳақыйқатқа туўры келмейтуғын мағлыўматларды тарқатыў – базалық есаплаў муғдарының еки жүз есесине шекем муғдарда (44 миллион 600 мың сўм) жәрийма яки үш жүз саатқа шекем мәжбүрий жәмийетлик жумыслары яки еки жылға шекем мийнет пенен дүзетиў жжумыслары менен жазалыныўы белгиленди.
Сондай-ақ, жоқарыда көрсетилген мағлыўматларды баспадан шығарыў яки басқаша усылда көбейттирилген текстте яки ғалаба хабар қураллары, сондай-ақ Интернет пүткил жәҳән мәлимлеме тармағы арқалы тарқатыў – базалық есаплаў муғдарының еки жүз есесинен төрт жүз есесине шекем (89 миллион 200 мың сўм) муғдарында жәрийма яки үш жүз сааттан үш жүз алпыс саатқа шекем мәжбүрий жәмийетлик жумыслары яки еки жылдан үш жылға шекем мийнет пенен дүзетиў жумыслары яки үш жылға шекем еркинликти шеклеў яки үш жылға шекем еркинликтен айырыў менен жазаланыўы белгиленди.      
Соның менен қатарда, Жынаят кодексының 2571-статьясы карантинли ҳәм инсан ушын қәўипли болған басқа жуқпалы кеселликлер пайда болыўы ҳәмде тарқалыўы шәраятында мәмлекетлик санитария бақлаўы уйымларының медицианлық тексериўден өтиў ҳәм даўаланыў, карантинди өтеў ушын белгиленген орынларга жетип барыў ҳәм усы орынларды белгиленген мүддет даўамында тәрк етпеў, кеселлик жуғыў қәўипи бар болған дәўирде қатнаста болған шахслар ҳәм барылған орынлар ҳаққындағы мағлыўматларды әшкара етиў ҳаққындағы яки басқа нызамлы талапларын кеширимли себеплерсиз орынламаў адамлардың ғалаба кеселлениўи яки зәҳәрлениўи реал қәўипин келтирип шығарса, сөз дизбеклери менен толықтырылды ҳәмде 10 жылға  шекем болған мүддетте еркинен айырыў жазасы менен аўырластырылды.
Буннан тысқары, Өзбекстан Республкасы Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындагы кодекси 292-статья менен толықтырылып, карантинли
ҳәм инсан ушын қәўипли болған басқа жуқпалы кеселликлер пайда болыўы ҳәмде тарқалыўы шәраятында эпидемияларға қарсы гүресиў қағыйдаларын бузыўға тийисли ҳуқықбузарлық ислеген шахсқа қарата тийисли медициналық тийкарлар бар болған тәғдирде мәмлекетлик санитария бақлаўы уйымлары тәрепинен карантинда сақлаў яки даўаланыў тәризиндеги медициналық сыпаттағы мәжбүрлеў шаралары қолланылыўы мүмкинлиги белгиленди.
Соның менен бирге, карантинли ҳәм инсан ушын қәўипли болған басқа жуқпалы кеселликлер пайда болыўы ҳәмде тарқалыўы шәраятында ўәкилликли уйымның арнаўлы талапларына қайшы рәўиште жәмийетлик орынларда нықапсыз болыў 1 миллион 115 мың сўмга шекем болған муғдарда жәрийма салыўға себеп болатугынлығы белгиленди.  
Бирақ, жүдә көплеген жағдайларда түсиндириўлер ҳәм үгит-нәсият жумысларының алып барылыўларына қарамастан пуқаралар арасында карантин қағыйдаларына әмел етпеў жағдайлары ушырамақта.
Ең ашынарлысы усы ҳуқықбузарлықларды (дерлик 10 пайызы) кеселлик жуғыў итималы жоқары ең қәўипли қатлам
50 жастан асқан пуқараларымыз тәрепинен исленип атырғанлығы гүзетилмекте.  
Усылардан келип шығып, бәршени карантин қағыйдаларына қатаң әмел етиўге ҳәм өзин асыраўға шақыры қаламыз!


Қарақалпақстан Республикасы
Әдиллик министрлиги
ис жүритиўшиси                                                                                      Д. Науризбаева