Янгиликлар
06
Карантинге әмел етиӯ - миннетимиз!
Дүнья жүзинде коронавирус инфекциясы тарқалыӯына қарсы гүресиўде, атап айтқанда пуқаралардың ҳәрекетлениўине шеклеўлер киргизиў ҳәм кәрханалар искерлигин тоқтатыў арқалы алдын болмаған илажлар көрилмекте.
Ҳәзирги күнде мәмлекетимизде карантин жәрияланып, карантин қайғыйдаларын бузғанлығы ушын жуўапкершилик күшейттирилди.
Мәселен, карантин қағыйдаларын бузғанлығы ушын, егер ол адамлардың ғалабалық кеселлениўине алып келсе, 5 жылға шекем (алдын 3 жыл) еркинен айырыў жазасы қолланылады.
Егер усы ҳәрекет адамлардың өлимине себеп болса, карантин қағыйдаларын бузған шахс 10 жылға шекем (алдын 8 жыл) еркинен айырыӯ жазасы қолланылыўы мүмкин.
Халықаралық тәжрийбени алайық. Мәселен, узаққа кетпей қоңысы мәмлекетлер Казақстан ҳәм Тәжикстанда санитария қайғыйдаларын бузғанлығы ушын 10 жылға шекем еркинен айырыў жазасы тайынланыӯы мүмкин.
Буннан тысқары, Европа мәмлекетлеринде, Украина мәмлекетиниң нызамларында шахстың ҳәрекетлери жуқпалы кеселлик тарқалыўына себеп болса, 5 жылдан 8 жылға шекем еркинен айырыў жазасы белгиленген.
Усы қылмыс ушын Италия, Испания ҳәм Францияда 15 жылға шекем еркинен айырыў жазасы тайынланыўы мүмкин.
Бул сыяқлы жағдайлар ушын жуўапкершиликти күшейтиўден мақсет карантин шәраятында кеселлик тарқалыўының алдын алыў жумысларын толық әмелге асырыўдан ибарат. Мәмлекетимизде карантин қағыйдаларын бузғанлығы ушын жуўапкершилик күшейттирилген бир ўақытта пуқаралар еле усы қағыйдаларға әмел етпей киятыр.
Карантин илажлары жәрияланғаннан баслап республикамыз бойынша карантин қағыйдаларына әмел етпеў менен байланыслы жәми – 29 953
(6-апрель жағдайыны) жағдай анықланған. Атап айтқанда, жәмийетлик орынларда медициналық нықапсыз жүргенлиги, жүк тасыўшы автотранспорт қуралларында пуқараларды тасыў, карантин орнын өзбасымшалық пенен таслап кеткенлиги сыяқлы эпидемияға қарсы гүресиў қағыйдаларын бузғанлығы жағдайлары ушырамақта.
Мине усындай пуқаралардың итибарсызлығы, санитария-гигиена талапларына қатаң бойсынбағанлығы ақыбетинде бүгинги күнге шекем (6-апрель ҳалатына) мәмлекетимизде коронавирус инфекциясы анықланған шахслар саны 390 ды қурамақта. Ең ашынарлысы 2 пуқараның қайтыс болғанлығы ҳалаты дизимге алынған.
Жер жүзлик ден саўлықты сақлаў шөлкеминиң хабарына көре, ҳәзирги ўақытта пүткил жер жүзи бойынша коронавирус анықланған шахслар саны
1 миллион 200 мыңнан асып кетти. (АҚШ та 236 мың, Испанияда 131 мың, Италияда 128 мың, Германияда 100 мың ҳәмде Францияда 92 мыңнан артық). Дурыс, мәмлекетимизде кеселленгенлер саны дүнья мәмлекетлерине қарағанда жүдә кем санды қурасада бирақ, бул Өзбекстан халқы ушын қәўетерли ҳалат.
Демек бундай жағдайда биз не қылыўымыз керек:
Сиз ҳәм биз коронавирус тарқалыўын қысқа мүддетте сапластырыў ушын хүкиметимиз тәрепинен енгизилген “Карантин” қағыйдаларына қатаң әмел етиў;
- ең зәрүр жағдайда (дәри-дармақ ҳәм азық-аўқат ушын) үйден сыртқа шығыў ҳәм пуқаралар менен еки метр аралықты сақлаў;
- ҳәр қандай көринистеги жәмийетлик илажлар, той ҳәм мәресимлерди бийкәр етиў ҳәм қатнаспаў;
- Өзбекстанға коронавирустың жаңа түри кирип келиўи ҳәм тарқалыўының алдын алыў бойынша ис-илажлар дәстүрин таярлаӯ бойынша республика арнаўлы комиссиясының талап ҳәм қолланбаларына әмел етиўимиз лазым.
Бүгин ҳәр қашанғыдан бирлесетуғын дәўирде жасап атырмыз.
Президентимиз усы жылдың 26-март күни коронавирус инфекциясы тарқалыўының алдын алыўға қарсы ис-илажларды күшейттириўге бағышланған видеоселектор мәжилисинде “Коронавирус маған жуқпайды деп бийпарық жүргенлер тек ғана өзиниң, бәлким ата-анасы, перзентлери, әтирапындағылар, қалаберсе, пүткил халқымыздың ден саўлығы ҳәм өмирин қәўипке қойыўды терең аңлап жетиўи керек.
Халқымыз бирлесип, шыпакерлердиң барлық усынысы, көрсетпелерине әмел етсе, адамларымыз карантин дәўиринде турмыслық зәрүриятсыз өз үйлеринен шықпаса, кеселликтиң дәслепки белгилери анықланғанда оны жасырмай шыпакерге өз ўақтында мүрәжат етсе, биз бул кеселликти әлбетте жеңемиз” деп бийкәрға атап өтпеди.
Халық мине усындай ўақытта сыналады. Бүгин социаллық тармақлар, жуўапкерлер, телевидение арқалы социаллық аралықты сақлаў, вирус тарқалыўындағы шынжырды тоқтатыў ушын шығыўлар қылмақта.
Себеби, кеселликтиң алдын алыў ушын ең туўры жол – карантин қағыйдаларына әмел етиў. Үйде қалыў кеселликти тоқтатыӯ жолындағы ең үлкен қәдем есапланады. Ҳәзирги ўақытта бул бизиң пуқаралық миннетимиз!
Қарақалпақстан Республикасы әдиллик министри
С.Мамбеткадыров