Bog'lanish

Telefon
(+998 55) 101-10-08

Elektron manzil
qoraqalpoq@adliya.uz

Habar yuborish
Ishonch telefoni 1008

Янгиликлар

06

Қайырхомлық акциясы


Мәмлекетимизде коронавирус инфекциясы тарқалыўының алдын алыў ҳәм оны қысқа ўақыт ишинде сапластырыў максетинде тезлик пенен комплекс
ис-илажлар алып барылмақта.
Ɵзлериниң кеўилли рәўиште қалыс жəрдемин тийгизиў мақсетинде, Қарақалпақстан Республикасы Әдиллик министрлиги хызметкерлери “Ɵзбекстан мийрим-шəпəəт ҳəм саламатлық” жəмийетлик қорына бийғəрез жəрдем сыпатында, жәмийетлик қордың есап бетине бир күнлик мийнет
ис-хақыларын ықтыярлы түрде өткерип берди.
Мағлыўмат ушын атап өтемиз, қалыс жəрдем сыпатындағы қаржылар дәри-дармақ, дезинфекция, жеке гигиеналық қураллар, медициналық əсбап-үскенелер ҳәм коронавирусқа қарсы гүресиўдеги басқа да илажларды қаржыландырыўға, сондай-ақ, медициналық хызметкерлерди хошаметлеўге бағдарланады.

Қарақалпақстан Республикасы Әдиллик министрлиги