Bog'lanish

Telefon
(+998 55) 101-10-08

Elektron manzil
qoraqalpoq@adliya.uz

Habar yuborish
Ishonch telefoni 1008

Янгиликлар

06

Прописка системасын реформалаӯға байланыслы жойбарлар жәмийетшилик додалаӯына қойылды


Хабарыңыз бар, прописка системасын реформалаӯды нәзерде тутыӯшы Ҳүкимет қарар жойбары ислеп шығылып, додалаӯ ушын (https://regulation.gov.uz/uz/document/15922) жәрияланған еди
Пуқаралардың пикир-усынысларын есапқа алған ҳалда жойбар қайта көрип шығылды ҳәм усы жылдың 4-апрель күни прописка системасын реформалаӯға байланыслы нызам жойбарлар ҳәмде Министрлер Кабинети қарары жойбары додалаӯға қойылды (http://2020.strategy.uz/).

Жойбарларда бир қатар жаналықлар нәзерде тутылмақта.

Бириншиден, “прописка” түсиниги орнына халық аралық тәжрийбеге тийкарланған ҳалда «дизимнен өткериӯ» түсиниги киргизилмекте.
Екиншиден, Ташкент қаласы ҳәм ӯәлаятында кошпес мүлкти алыӯда усы аймақларда турақлы пропискаға ийе болыӯ ҳәмде бирлемши базардан үй алыӯда мәмлекетлик бажының айрықша ставкасын толеӯ талабы бийкәр етилмекте.
Үшиншиден, пуқаралардың биринши ҳәм екинши дәрежедеги туӯысқанларын тек ғана өзи турақлы дизимде болған мәнзилге, бәлки ийелигиндеги басқа үй-жайға да турақлы дизимге қойыӯ ҳуқықы нәзерде тутылмақта.
Төртиншиден, Ташкент қаласы ҳәм Ташкент ӯәлаятында турақлы дизимнен өтиӯде Ҳүкимет тәрепинен белгиленетуғын тысқарыларды (истисноларды) инабатқа алған ҳалда бир киси ушын турақ-жай майданының социаллык нормасы ҳаққындағы қағыйдаларға әмел етиӯи шәртлиги көзде тутылмақта.
Бесиншиден, турақлы прописка ушын ерли-зайыптың некеден кейин 1 жыл даӯамында биргеликте жасаӯ шәрти ҳам 1 жыл ишинде неке бийкәр етилгенде прописка жоғалыӯы ҳаққында қағыйдалар шығарылып тасланбақта.
Алтыншыдан, алдын Ташкент қаласы ҳәм ӯәлаятында турақлы дизимге ийе пуқаралар қайтып келгенде, олар усы аймақларда хеш қандай қосымша шәртлерсиз қайта турақлы дизимге алыныӯы мүмкин болады.
Соннан келип шығып, ӯәкиллик органларына сайланған, тийисли шөлкемлерге тайынланған хызметкерлер ушын турақлы дизим бойынша лаӯазымды ийелеп турыӯ дәӯрине байланыслы шеклеӯ алып тасланбақта.
Жетиншиден, шанараққа тәрбияға алынған (патронат) шахслар олардың тутынған ата-анасының турақлы жасаӯ орны бойынша дизимде турыӯ имкәнияына ийе болады.
Мысал ушын, 2019-жылда Ташкент каласында 236, Ташкент ӯәлаятында 14 бала патронатқа алынған.
Сегизиншиден, ӯақтынша турған орны бойынша дизимге алыӯ мүддети үй-жай ийесиниң разылығы тийкарында 1 жылдан 5 жылға шекем узайтырылмақта.
Тоғызыншыдан, пуқараларды ташкент қаласы ҳәм ӯәлаятында турақлы ҳәм ӯақтынша дизимнен өтпестен жасаӯ мүддети 10 күннен 15 күнге узайтырылмақта.
Оныншыдан, турақлы ҳәм ӯақтынша турған орны бойынша дизимге алыӯ пуқараның қәлеӯине көре ишки ислер органлары, мәмлекетлик хызметлер орайлары ямаса Бирден-бир интерактив мәмлекетлик хызметлери порталы арқалы әмелге асырылады ҳәмде оның мүддети 3 күннен 1 күнге қысқартырылмақта.
Он бириншиден, турақлы дизимди рәсмийлестириӯде паспорт, үй дәптершеси ямаса үй карточкасына штамп басыӯ әмелиятынан ӯаз кешиӯ ҳәм усы процесслерди санластырыӯ көзде тутылмақта.
Он екиншиден, турақлы дизимге алыӯды рәсмийлестириӯде алданғы жасаӯ орнынан ғәрезсиз дизимнен шығыӯ тәртиби ҳәмде әскерий хызметке миннетлилердиң турақлы дизимге турыӯдан алдын ҳәм кейин әскерий есап ушын қорғаныӯ бөлимлерине барыӯ тәртиби бийкәр етилип, усы процесслер кенселер аралық электрон дәстүр арқалы әмелге асырылыӯы белгиленбекте.
Жойбарларда бир қатар басқа мәселелер де оз саӯлелениӯин тапқан.
Додалаӯ усы жыл 11 апрелге шекем даӯам етеди.

Ҳуқықый үгит нәсият ҳәм ағартыушылық бөлими
А.Отарбаев