Bog'lanish

Telefon
(+998 55) 101-10-08

Elektron manzil
qoraqalpoq@adliya.uz

Habar yuborish
Ishonch telefoni 1008

Янгиликлар

03

Карантин ўақтында пуқаралардың миннетлемеси


Бизде ҳәм айырым пуқаралар вирус қәўипин толық аңламай ҳәм оған қарсы гүресиў бойынша алып барылып атырған иләжлардың әҳмийетин түсинбеген ҳалда карантин тәртибин бузыўға ҳәрекет қылып, кеселликтиң мәмлекетимизде кең тарқалыўы қәўип туўдырмақта.
Санитарияға байланыслы нызам ҳүжжетлерин ямаса эпидемияға қарсы гүрес қағыйдаларын бузғанлық ушын нызамшылығымызда жуўапкершиликлер бар ҳәм ендигиден былай олар жәнеде күшейтирилди.
Карантин жағдайында мәмлекетлик санитария қадағалаўы уйымларының нызамлы талапларын, мәселен, медициналық көриктен өтиў ҳәм емлениў, карантинде болыў ушын белгиленген орынларға жетип барыў ҳәмде усы орында белгиленген мүддет даўамында болыў, кеселлик жуғыў қәўипи бар болған дәўирде байланыста болған шахслар ҳәм барылған жери ҳаққында мағлыўмат бермеў ямаса басқа нызамлы талапларын себепсиз орынламаў жынаят сыпатында баҳаланады.
Илгери карантин қағыйдаларын бузғанлық ушын, егер бул адамлардың ғалабалық кеселлениўине алып келсе, 3 жылға шекем еркинен айырыўға шекемги жаза белгиленген еди. Күшейтирилген тәртипке көре, буннан былай бунның ушын 5 жылға шекем еркинен жазасы қолланылады.
Егер усындай ҳәрекет адамлардың өлимине алып келиўине себеп болса, 5 жылдан 8 жылға дейин еркинен айырыў менен жазаланыўы мүмкин еди. Ендигиден былай карантин қағыйдаларын бузған шахс 10 жылға шекем еркинен айырылыўы мумкин.
Мысал ушын, Украина нызамшылығында шахстың ҳәрекетлери жуқпалы кеселликтиң тарқалыўына себеп болса, 5 жылдан 8 жылға шекем еркинен айырыў жазасы белгиленген. Усындай қылмыс ушын Италия, Испания, Франция, Руминия ҳәм Аргентинада 15 жылға шекем еркинен айырыў жазасы тайынланыўы мүмкин. Улыўма айтқанда, бундай жағдайлар ушын жуўапкершиликти күшейтиўден тийкарғы мақсет карантин ўақтында кеселлик тарқалыўының алдын алыў ислерин толық әмелге асырыўдан ибарат.
Нызамға көре, Жынаят кодекси 244-5-статьясы менен толықтырылды. Инсан ушын қәўипли болған жуқпалы болған кеселликлер ҳаққында ҳақыйқатқа туўры келмейтуғын мағлыўматларды тарқатыў төмендеги жазалар қолланыўы мумкин:
• 44 млн 600 мың сўмға шекем жәрима;
• 300 саатға дейин мәжбүрий жәмийетлик жумыслар;
• 2 жылға дейин мийнет пенен дүзетиў жумыслары.
Бундай мағлыўматларды баспадан шығарып көбейтириў, ҒХҚ, Интернет арқалы тарқатқанларға еки есе көп төлейди – 89 млн 200 мың сўмға шекем жәрима! Бундай ҳәрекет ушын ҳәттеки 3 жылға шекем еркинен айырыў жазасы менен байланыслы жынаий жуўапкершилик белгиленди.
Бүгинги күнде барлық инсанлар үлкен сынаўларды басынан кеширмекте. Нызамлы тәртиплер орнатылған менен, ҳәмме гәп адамлардың туўры қарар қабыл қылыўында қалады.

Қараөзек районы әдиллик бөлими басылғы  
Джуманиязов Оралбай