Янгиликлар
02
Әдиллик_хабары
Комиссия қарарына көре, жеке тәртиптеги қайырхомлық акциялары даӯамында COVID-19 вирусының жәнеде кең тарқалыӯ қәӯпи жүдә жоқары. Усы процессде жеке тәртиптеги қайырхомлық акциялары усы жылдың 1-апрелинен баслап ӯақтынша тоқтатылады.
- Қайырхомлық илажлар төмендеги орайласқан тәртипте әмелге асырылады:
- Ташкент қаласында Қәӯендерлик қайырхомлық илажларын муӯапықластырыӯ орайы Ўзэкспомарказ Миллий көргизбе комплекси қурамындағы павильонда шөлкемлестириледи. Қарақалпақстан Республикасы Нөкис қаласы ҳәмде ӯәлаятлар орайларында усындай механизм енгизиледи;
- Мәҳәлле ҳәм шанарақты қоллап-қуӯатлаӯ министрлигиниң аймақлық бөлимлери орынлардағы мүтәж шанарақлар, жалғыз баслы кекселер, майыплығы болған шахслар ҳәм халықтың басқа жәрдемге мүтәж қатламы ҳаққында мағлыӯматты аймақлық тийислилиги бойынша Қәӯендерлик қайырхомлық илажларын муӯапықластырыӯ орайларына усынады;
- физикалық ҳәм юридикалық шахслардың бийғәрез жәрдемлери Қәӯендерлик қайырхомлық илажларын муӯапықластырыӯ орайлары арқалы санитар-гигиеник талапларға муӯапықлығы көриктен өткерилип, карантин талапларына қатаң бойсынған ҳалда (арнаӯлы кийим бас ҳәм жеке қорғаныӯ қураллары менен тәмийинленген ҳалда) жеткерилип бериледи;
- халықтың жәрдемге мүтәж қатламына қайырхомлық жәрдемлерин жеке өзи жеткерип бериӯ қәлеӯинде болған мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлер ӯәкиллери ҳәмде сахаӯатлы инсанлар ҳәм кеӯилли (волонтёр)лар усы қайырхомлық илажларында жақыннан бирге ислесиӯ ҳәм процессте қатнасыӯға мирәт етиледи;
- мүтәж шаңарақларға берилген қайырхомлық жәрдемлери ҳаққындағы мағлыӯматлар жәмәәтшиликке турақлы жеткерилип барылады.
Пул көрнисиндеги қәрежетлерди «Мийрим-шәпәәт ҳәм саламатлық» жәмийетлик фондына өткериӯ усынылады.
Ҳуқықый үгит нәсият ҳәм ағәртыӯшылық бөлими