Янгиликлар
31
КОРОНАВИРУС (COVID-19) КЕСЕЛЛИГИНЕ ҚАРСЫ ГҮРЕСИЎДЕ БИРГЕЛИКТЕ ҲƏРЕКЕТ ЕТИЎИМИЗ ШƏРТ
Мəмлекетимизге коронавирус (COVID-19) кеселлигиниң кирип келгенлиги себепли, Президентимиздиң арнаўлы тапсырмасына тийкар, коронавирустиң кирип келиўи ҳəм тарқалыўының алдын алыў бойынша ис-илəжлар дəстүрин таярлаў бойынша республика арнаўлы комиссиясының қарары менен бир қатар шеклеўлер орнатылып, белгили бир илəжлар көрилмекте.
Атап айтқанда, усы жылдың 30-март күни саат 06:00 ден 20-апрель саат 00:01ге шекем ўəлаятлар аралық, Ташкент ҳəм Нөкис қаласы ҳəм ўəлаятлар орайларында Мəмлекетлик хызметлери орайлары тəрепинен берилетуғын арнаўлы рухсатнама (стикер)лар тийкарында автотранспорт қуралларының ҳəрекетлениўине рухсат берилип, қалған автотранспорт қуралларының ҳəрекетлениўи ўақтынша тоқтатылды.
Усы орында соныда айтып өтиўимиз керек, Мəмлекетлик хызметлери орайлары тəрепинен берилетуғын арнаўлы рухсатнама (стикер)лар тийкарында ҳəрекетленетуғын автотранспорт қураллары тек ғана сол мəкеме ҳəм шөлкемниң жумысы менен байланыслы болған жағдайда ҳəрекетлениўине рухсат берилип, басқа жағдайлар яғный, жеке мəплерде пайдаланыў қатаң қадаған етиледи.
Бул, мəмлекетимизде инсан ушын қəўипли болған коронавирус инфекциясының тарқалыўының алдын алыўға қаратылған ўəкилликли уйымның мəжбүрий талабы болып есапланады.
Өзбекстан Республикасы Ҳəкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодексине тийкар, карантинли ҳəм инсан ушын қəўипли болған басқа жуқпалы кеселликлер пайда болыўының яки тарқалыўының алдын алыў мақсетинде белгиленген қағыйдаларды бузыў яки үзирли себеплерсиз орынламаў – пуқараларға базалық есаплаў муғдарының жигирма есесинен отыз есесине шекем, лаўазымлы шахсларға болса – отыз есесинен елиў есесине шекем жəрийма салыўға себеп болады.
Бул, əмелге асырылып атырған илəжлар ҳəм шеклеўлер пуқараларымызды бул жуқпалы кеселликтен қорғанаўға, өзиниң ҳəм жақынларының ден-саўлығын сақлаўға үндейди.
Усыған қарамастан, яғный жеке-меншик автотранспорт қуралларының ҳəрекетлениўине шек қойылған болыўына қарамасдан бүгинги күнде қаламыз көшелеринде бир-қанша жеке-меншик автотранспорт қуралларының ҳəрекетленип жүргенлигин көриўимиз мүмкин.
Пуқараларымыз бул ҳəрекетлери менен, яғный бүгинги карантинли дəўирде үйден көшеге шығып, өзиниң ҳəм басқалардың өмири ҳəм ден-саўлығы менен ойнап атырғанлығын ойлап көриўи, зəрүрлик жоқ ўақытта үйден көшеге шығып бүгинги жағдайды шийеленистирип атырғанын түсиниўи керек.
Солай екен, биз ўақтыншалық орнатылған шеклеўлерге қатаң əмел еткен ҳалда өзимизди, жақынларымызды ҳəм пүткил халықты биргеликте асыраўымыз ҳəмде қандай қатаң шаралар көрилиўине қарамастан бул кеселликке қарсы гүресиўде биргеликте ҳəрекет етиўимиз шəрт.
Қарақалпақстан Республикасы
Əдиллик министрлиги
Инсан ҳуқуқларын қорғаў
бөлими баслығы Е.УТЕПОВ