Янгиликлар
11
Нәўбеттеги көшпели қабыллаў Шымбай районында болып өтти
Шымбай районы "Қызыл-өзек» аўыл пуқаралар жыйынында Қарақалпақстан Республикасы Әдиллик министрлиги, Өзбекстан Республикасы Президентиниң Қарақалпақстан Республикасындағы Халық қабыллыўханасы тәрепинен нәўбеттеги көшпели қабыллаў болып өтти.
Қабыллаўда Қаракалпақстан Республикасы әдиллик министри Сайлаубай Мамбеткадыров, Өзбекстан Республикасы Президентиниң Қарақалпақстан Республикасындағы Халық қабыллыўханасы баслығы С.Худайбергенов пуқаралар мүрәжатлерин тыңлады.
Көшпели қабыллаў даўамында пуқаралардың бир қанша машқалалары өз орнында шешилди. Атап айтқанда пуқара, Ж.И өзине нәгиранлық арбашасын алыўда әмелий жәрдем сораған мүрәжаты қанаатландырылып, пуқараға социаллық жәрдем көрсетилди.
Сондай-ақ, пуқара Б.Исмаиловтың аўыл пуқаралар жыйыны турғынларын таза ишимлик суўы менен тәмийинлеў бойынша мүрәжаты Шымбай районы Суў тармақлары басқармасы қәнийгелери тәрепинен бүгинги күнде аўыл пуқаралар жыйыны турғынларын суў менен тәмийинлеў бойынша қазыў жумыслары алып барылып атырғанлығын, жақын күнлерде пуқаралар таза ишимлик суўы менен тәмийинленетуғынлығын мәлим етти.
Келип түскен мүрәжатлардың басым көпшилиги тәбийий газ, ишимлик суўы менен тәмийинлеў, пуқаралар тәрепинен жаңадан қурылып атырған турақ жайлардың рәсмийлестирилиўи менен байланыслы болып есапланады.
Қабыллаў даўамында пуқараларға ҳуқықый мәсләҳатлер берилди ҳәм мүрәжатлердиң орынланыўы қадағалаўға алынды.