Янгиликлар
12
Ҳаял-қызлар ҳәм еркеклер ушын теӊ ҳуқық ҳәмде имканиятлар кепилликлери
Мәмлекетимиз тәрепинен ҳәзирги күнде ҳаял-қызларымызға деген итибардыӊ артыўы, оларға көплеген имканиятлардыӊ жаратылыўы, ҳаял-қызларымыздыӊ ҳуқықларыныӊ кемситилиўиниӊ алдын алыўға қаратылып атырған итибар ҳәм нызамшылығымызда жаӊадан жаӊа нызам ҳәм қарарлардыӊ қабыл етилиўи, мәмлекетимиздиӊ инсан қадирине болған ҳүрмет ҳәм теӊ ҳуқықлылық принципине әмел еткен ҳалда ҳаял-қызларымыздыӊ еркеклер менен бир қатарда мәмлекетимиздиӊ сиясый, социаллық, экономикалық ҳәм мәдений өмиринде қатнасыўда тосқынлықлардыӊ болмаўы, шаӊарақ ҳәм жәмийет пәраўанлығыныӊ өсиўи жолындағы тосқынлықларды алып таслаў мақсетинде ҳәм ҳаял-қызларымыздыӊ мәмлекетимиз мәплери жолында өз имканиятларын толық көрсете алыўлары ушын барлық есиклер ашып берилген.
Атап айтқанда, Президентимиз Ш.Мирзиёевтыӊ 2020-жыл 24-январь күни Олий Мажлиске жоллаған мүрәжатында жоқары оқыў орынларына талабанларды қабыл етиўде мәмлекетлик грантларын 2 есе көбейтиўин, ал ҳаял-қызларымыз ушын айрықша грантлар да ажыратылатуғынлығын айтып өткен еди. Бул болса ҳаял-қызларымыздыӊ жәмийетте өз орнын табыўлары ушын жаратылып атырған имканиятлардыӊ бир көриниси болып есапланады.
Буннан басқа, барлық нызамлармыздыӊ тийкарғы дереги болған Өзбекстан Республикасы Конституциясыныӊ 18-статьясында Өзбекстан Республикасында барлық пуқаралар бирдей ҳуқық ҳәм еркинликлерге ийе болып, жынысы, расасы, миллети, тили, дини, социаллық елип шығыўына қарамастан нызам алдында теңлиги ҳәм 46-статьясында болса, ҳаял-қызлар ҳәм еркеклердиӊ теӊ ҳуқықлы екенлиги көрсетилип өтилген, сондай-ақ, Өзбекстан Республикасы Шаӊарақ кодексиниӊ 4-статьясында ана ҳәм бала мәплерин қорғаў, ҳаял-қызлардыӊ мийнети ҳәм ден саўлығын сақлаўға қаратылған арнаўлы илажлар ислеп шығыў, мийнетти аналық пенен байланыстырып алып барыў ушын ҳаялларға шараят жаратыў, аналық ҳәм балалықты ҳуқықый қорғаў, материаллық ҳәм руўхый тәрептен қоллап-қуўатлаў жолы менен тәмийинленетуғынлығы нызам менен беккемленип қойылғанлығы, мийнет нызамшылығында да ҳаялларға ҳәм шаӊарақ ўазыйпаларын орынлаў менен бәнт болған шахсларға берилетуғын қосымша кепилликлер ҳәм жеӊилликлер өз алдына бир бап етип белгиленгенлиги, соныӊ менен бирге айрықша айтып өтиў керек, яғный Өзбекстан Республикасыныӊ 2019-жыл 2-сентябрьдеги «Ҳаял-қызлар ҳәм еркеклер ушын теӊ ҳуқық ҳәмде имканиятлар кепилликлери ҳаққында»ғы ЎРҚ-562-санлы Нызамыныӊ қабыл етилиўи жәмийет ҳәм мәмлекет раўажланыўында, ҳаял-қызлар ҳәм еркеклердиӊ теӊдей жеке, сиясый, экономикалық, социаллық ҳәм мәдений ҳуқықларын әмелге асырыў ўақтында теӊ ҳуқықлылығын кепиллеп, ҳаял-қызлар ҳам еркеклер ортасында ҳақықый теӊликке ерисиў, жәмийет өмириниӊ барлық тараўларында олардыӊ орнын кеӊейтириў, жынысы бойынша кемситиўди жоқ етиў ҳамде олардыӊ алдын алыў мақсетинде мәмлекет тәрепинен гендер сиясатыныӊ әмелге асырылыўын тәмийинлеўге байланыслы ўақтыншалық әмелий илажлар көрилиўин беккемлеп қойылды. Яғный, бул Гендер сиясатыныӊ әмелге асырылыўын тәмийинлеўге байланыслы ўақтыншалық арнаўлы илажлар сөзине түсиник берип өтетуғын болсақ – жыныслардыӊ теӊсизлигин жоқ етиў, ҳаял-қызлар ҳам еркеклердиӊ ҳақыйқый яки тийкар болатуғын теӊлигин тәмийинлеў бойынша анық мақсетлерге ерисиў ушын мәмлекетлик уйымлар тәрепинен көрилетуғын ҳуқықый, шөлкемлескенлик ҳәмде институтлық көриниске ийе болған илажлар түсиниледи, ал гендер сөзиниӊ мәниси болса - ҳаял-қызлар ҳам еркеклер ортасындағы қатнасықлардыӊ жәмийет өмири ҳәм искерлигиниӊ барлық тараўларында, соныӊ менен бирге, сиясат, экономика, ҳуқық, идеология ҳәм мәденият, билимлендириў ҳәмде илим-пән тараўларында көринетуғын социаллық тәрепи түсиниледи.
Бул нызамға тийкарланып, ендигиден былай бир қанша жумыслар әмелге асырылады, яғный жынысы бойынша кемситиўге жол қоятуғын нормаларды анықлаў ҳәм сапластырыў мақсетинде усы ҳүжжетлер ҳәм олардың жойбарларының гендер-ҳуқықый экспертизасы өткериледи, мәмлекетлик хызметте гендер теңликти тәмийинлеў ушын бир жыныстағы хызметкерлер ушын лаўазымлар ўақтынша квоталаныўы мүмкин. Бунда квоталаў ҳаял-қызлар ҳәм еркеклер ўәкиллигиниң тең салмақлылығына ерисилгенде бийкар етилиўи мүмкин, ҳаял-қызлар ҳәм еркеклер ушын тең ҳуқық ҳәмде имканиятларды тәмийинлеў тараўындағы бирден бир мәмлекетлик сиясаты Гендер теңликти тәмийинлеў бойынша комиссия тәрепинен әмелге асырылатуғынлығы белгиленип өтилген.
Сондай-ақ бул нызамда ҳаял-қызлар ҳәм еркеклер ушын теӊ ҳуқық ҳәмде имканиятларды тәмийинлеў тараўындағы мәмлекет сиясатыныӊ тийкарғы жөнелислери белгиленип берилген, буннан тысқары ҳаял-қызлар ҳәм еркеклер ушын теӊ ҳуқық ҳәмде имканиятларды тәмийинлеў тараўындағы мәмлекетлик басқарыўы Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети, Өзбекстан Республикасыныӊ Гендер теӊликти тәмийинлеў мәселелери бойынша комиссиясы, сондай-ақ мәмлекетлик уйымлар тәрепинен өз ўәкилликлери шеӊберинде әмелге асырылыўы көрсетип өтилген ҳәм бул нызамға муўапық егер шахс өзин жынысы бойынша кемситиўге дуўшар етилген деп есапласа судқа мүрәжат етиў ҳуқықына ийе екенлиги, бунда жынысы бойынша кемситиўге дуўшар етилген шахстан мәмлекетлик бажы өндирилмейтуғынлығы нызам менен беккемленип қойылды.
Соныӊ менен бирге Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниӊ “Ҳаял-қызларды басым өткериў ҳәм зорлықтан қорғаў системасын раўажландырыў илажлары ҳаққында”ғы қарары қабыл етилген болып, бул қарардыӊ басым ҳәм зорлықтан жәбирленген ҳаял-қызларға қорғаў ордерин бериў, орынланыўын тәмийинлеў ҳәм мониторинг алып барыў ҳаққындағы режесине муўапық басым ҳәм зорлықтан жәбирленген ҳаял-қызларға ишки ислер органлары тәрепинен қорғаў ордерин бериў тәртиби белгиленген. Бул ордер 24 саат ишинде 30 күн мүддетке (айрым ўақытлары узайтырылыўы мүмкин) профилактика инспекторыныӊ мүрәжат ҳәм хабарларды үйрениў жуўмағы бойынша рәсмийлестирилиўи ҳәм берилиў тәртиби көрсетилип өтилген. Булда болса зорлық ямаса басым астында қалған ҳаял-қызлар тийисли уйымларға ямаса судқа мүрәжат етиўи мүмкинлиги, бийпул ҳуқықый мәсләҳәт алыўлары, социаллық, психологиялық, медициналық ҳәм басқада жәрдемлер алыўлары мүмкинлиги көрсетилген.
Жуўмақлап айтатуғын болсақ, ҳүкиметимиз тәрепинен барлық тараўлар бойынша қабыл етилип атырған нызамлардыӊ, қарарлардыӊ ҳәммеси биринши нәўбетте инсан мәпи ушын хызмет етеди. Мәмлекетимизде пуқаралардыӊ Конституция ҳәм нызамларда беккемленген ҳуқыклары ҳәм еркинликлери ҳәр дайым ҳәм турақлы тәмийинлениўи тийисли уйымлар тәрепинен исенимли бақланыўы кепилленеди.
Қарақалпақстан Республикасы Әдиллик министрлиги
бөлим баслығы П.Кожаметов