Bog'lanish

Telefon
(+998 55) 101-10-08

Elektron manzil
qoraqalpoq@adliya.uz

Habar yuborish
Ishonch telefoni 1008

Янгиликлар

11

Сиз ҳәмийше қәдирленесиз


Қарақалпақстан Республикасы Әдиллик министрлиги тәрепинен «Сиз ҳәмийше қәдирленесиз» жойбары шеңберинде «Жаслар ҳәм нураныйлар» ушырасыўы болып өтти. Илажда әдиллик тараўында узақ жыллар даўамында жумыс алып барған тараўдың раўажланыўында салмақлы үлес қосқан нураныйлар менен жаслар кеўилден сәўбетлести.
-«Бул тараўда мен 1977-жылдан өз мийнет жолымды басладым. Шаңарақ, жумыс, перзент тәрбиясы булардың барлығын биргеликте алып бардым. Халықтың ҳуқықый мәдениятын, билимлерин асырыў бойынша көплеген жумысларды шөлкемлестирдик. Мәмлекетимиз тәрепинен үлкен итибар қаратылып «Жасорат» медалы, "Қарақалпақстан Республикасына мийнети синген юрист" ҳүрметли атақлары менен сыйлықландым",-дейди тараўдың тәжирийбели устазы Клара апа Аллашева. Ушырасыўда жаслар жасы үлкенлердиң мийнет жолы ҳәм тәжирийбелерин бөлисип, пикир-алмасты.
-"Бугин ҳүрметли дем алыста болсамда, өз билимимди жетилистирип бараман, ҳәр күни жаңа хабарларды, нызамшылықтағы жаңалықларды социаллық тармақлар арқалы танысаман. Сондай-ақ, илимий көркем әдебий китапларды оқыйман. Себеби инсан ҳәмме ўақытта заман менен тең қәдем атыўы лазым",-дейди ушырасыў мийманы тараўда узақ жыллар өз искерлигин алып барған нураный, Улмекен апа Дуйсенова.
Сондай-ак, ушырасыўда жасларға Қарақалпақстан Республикасы Әдиллик министрлиги хызметкери тәрепинен министрликке жумысқа алыў баскышлары бойынша толық мағлыўматлар берилди.
Ҳақыйқаты мийманларының ҳәр бириниң басып өткен жолы үлкен бир мектеп. Олар бугинги жас әўлад ушын үлги тымсалы. Бир сөз бенен айтқанда олар ҳәмийше
қәдирлениўге ылайық
Ҳуқықый үгит-нәсият ҳәм агартыўшылық бөлими