Bog'lanish

Telefon
(+998 55) 101-10-08

Elektron manzil
qoraqalpoq@adliya.uz

Habar yuborish
Ishonch telefoni 1008

Янгиликлар

12

Нөкис районнында Қарақалпақстан Республикасы әдиллик министриниң көшпели қабыллаўы шөлкемлестирилди


Бугин Нөкис районы «Кутанкөл» МПЖда Карақалпақстан Республикасы Әдиллик министрлиги ҳәм Өзбекстан Республикасы Президентиниң Карақалпақстан Республикасындағы Халық қабыллыўханасы тәрепинен көшпели қабыллаў өткерилди.
Қабыллаўда Қаракалпақстан Республикасы әдиллик министри С.Мамбеткадыров, Өзбекстан Республикасы Президентиниң Карақалпақстан Республикасындағы Халық қабыллыўханасы баслығы С.Худайбергенов, Қарақалпақстан Республикасы әдиллик министриниң биринши орынбасары А.Атажанов, Нөкис район прокуроры Ш.Алламбергенов ҳәм басқада мәмлекетлик мекемелердиң ўәкиллери қатнастып, пуқаралардың мүрәжатлери тыңланды.
Көшпели қабыллаў даўамында пуқараларға ҳуқықый мәсләҳатлер берилди. Сондай-ақ, бир қанша машқалалар өз орнында шешилди.
Атап айтқанда, пуқара Г. Сабурованың турмыс ортағы 2-топар майыбы екенлигин ҳәм гепатит кеселлигине дәри затларын алыўда әмелий жәрдем сораған мүрәжаты қанаатландырылып, пуқараға социаллық жәрдем көрсетилди.
Кабыллаўда келип түскен мурәжатлер тийисли тәртипте орынланыўы ушын қадағалаўға алынды.

Ҳуқықый үгит-нәсият ҳәм агартыўшылық бөлими