Bog'lanish

Telefon
(+998 55) 101-10-08

Elektron manzil
qoraqalpoq@adliya.uz

Habar yuborish
Ishonch telefoni 1008

Янгиликлар

27

Нызамшылықтағы жаңалықлар


Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети атқарыўшы структурасында Мәҳәлле ҳәм шаңарақты қоллап-қуўатлаў мәселелери секторы шөлкемлестирилди
«Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети искерлигин жетилистириўге байланыслы қосымша ис-илажлар ҳаққында»ғы Президент қарары (ПҚ-4612-сан, 24.02.2020-жыл.) қабыл етилди.
Қарарға муўапық, Министрлер Кабинети атқарыўшы структурасында бир қатар лаўазымлар ҳәм секретариатлар сапластырылды, жаңалары киргизилди.
Атап айтқанда, Бас министр орынбасары – финанс министри лаўазымы сапластырылды, Бас министрдиң финанс-экономика ҳәм камбағаллықты қысқартыў мәселелери бойынша орынбасары – экономика ҳәм санаат министри лаўазымы киргизилди.
Буннан тысқары, Жаслар сиясаты, мәденият, руўхыйлық, ғалаба хабар қураллары, дөретиўшилер ҳәм жәмийетлик шөлкемлери мәселелери секретарияты Мәҳәлле, шанарақ ҳәм жасларды қоллап-қуўатлаў, мәденият, руўхыйлық ҳәм жәмийетлик шөлкемлери мәселелери секретарияты етип қайта шөлкемлестирилди ҳәм оның қурамында Мәҳәлле ҳәм шаңарақты қоллап-қуўатлаў мәселелери секторы шөлкемлестирилди.
Бас министрдиң финанс-экономикалық ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў мәселелери бойынша орынбасары – экономика ҳәм санаат министри жуўапкершилигине бар болған ўазыйпалар менен бир қатарда төмендеги ис-илажларды әмелге асырыў жүкленди:
- республикада камбағаллыққа байланыслы реал аҳўалды үйрениў, халықаралық шөлкемлер, атап айтқанда финанс институтлары менен биргеликте кәмбағаллықты сапластырыўдың орта ҳәм узақ мүддетли стратегиялары ҳәмде бағдарламаларын ислеп шығыў ҳәм әмелге асырылыўын тәмийинлеў;
- халықта, әсиресе, жаслар ҳәм хаялларда бизнес жүритиў ҳәм исбилерменликтиң заманагөй көнликпелерин қәлиплестириў бойынша комплекс ис-илажларды әмелге асырыў, бәнт болмаған халықты кәсипке оқытыў ҳәм қайта таярлаў системасын реформалаў.
Қарар менен Бас министрге орта ҳәм узақ мүддетке мөлшерленген баслы ўазыйпаларды шешиўдиң әҳмийетлилиги ҳәм нәтийжелилигин есапқа алған ҳалда, зәрүрият болғанда, Министрлер Кабинети хызметкерлериниң улыўма штатлары саны шеңберинде оның атқарыўшы дүзилмесине өзгерислер киргизиў ҳуқықы берилди.

Қарақалпақстан Республикасы Әдиллик министрлиги
Жетекши мәсләҳәтшиси А.Бекжанов