Янгиликлар
08
Биометриялық паспортлар ID-картаға алмастырылады
Өзбекстан Республикасында идентификация ID-карталарын рәсмийлестириў ҳәм бериў системасын енгизиў бойынша ис-илажлар ҳақкында»ғы Ҳүкимет қарары қабыл етилди. (129-сан, 06.03.2020-ж.).
Қарарға муўапық, 2021-жыл 1-январьдан баслап жаңа туўылған балаға, Өзбекстан пуқарасына, Өзбекстан аймағында турақлы жасайтуғын пуқаралығы болмаған шахсқа ҳәм шет ел пуқарасына белгиленген үлгидеги идентификация ID-картасы бериледи.
ID-карта шахсты, пуқаралықты тастыйықлайтуғын ҳүжжет есапланып, Өзбекстан аймағында пайдаланылады. ID-карта 10 жыл мүддетке бериледи.
ID-карта рәсмийлестирилгени ҳәм берилгени ушын мәмлекет бажы муғдары базалық есаплаў муғдарының 89 пайызын шөлкемлестиреди. (198 мың 470 сум).
Өзбекстан пуқарасының 2011-жылғы үлгидеги биометриялық паспорты, пуқаралығы болмаған шахс ҳәм сырт ел пуқарасының жасаў гуўалығы олардың әмел етиў мүддети тамамланыўына шекем ҳақыйқый болып есапланады. Усы ҳүжжетлердиң ийелери оларды белгиленген тәртипте ID-картаға алмастырыў ҳуқықына ийе.
Биометриялық паспортты ID-картаға алмастырыў:
2021-жыл 1-январьдан 2022-жыл 31-декабрьге шекем ықтыярый тәризде;
2023-жыл 1-январьдан 2030-жыл 31-декабрге шекем мәжбүрий тәртипте әмелге асырылады.
Өзбекстан пуқарасының 2011-жылғы үлгидеги биометриялық паспорты 2030-жыл 1-январьдан баслап ҳақыйқый емес деп есапланады.
Каналға жалғаныў
@huqiqiymalimleme