Янгиликлар
06
«Коррупцияға қарсы гүресиў ҳаққында»ғы Нызамының мазмун мәниси түсиндирилди
Коррупция пуқаралардың социаллық әдалатқа, мәмлекетлик уйымларға болған исенимин жоғалтады, мәмлекеттиң экономикалық өсиўине унамсыз тәсирин көрсетеди, қалаберсе, жәмийеттеги адамлардың руўхый жағдайының бузылыўына алып келеди.
Cонлықтан жәмийетимизде коррупцияға қарсы гүрес үлкен жолға қойылған. Бул бойынша республикамыздың барлық жәмийетлик шөлкем, кәрхана ҳәм оқыў орынларында түсиник жумыслары алып барылмақта.
Бүгин Қарақалпақстан Республикасы дене-тәрбия ҳәм спорт министрлигинде Коррупцияға қарсы гүресиў бойынша семинар болып өтти.
Семинарда Нөкис қаласы әдиллик бөлими тәрепинен «Коррупцияға қарсы гүресиў ҳаққында»ғы Нызамының мазмун мәниси ҳәм әҳмийети тыңлаўшыларға түсиндирилди.