Янгиликлар
02
Экологиялық акция шөлкемлестирилди
Усы жылдың 29-февраль күни Қарақалпақстан Республикасы Әдиллик министрлиги тәрепинен Арал теңизиниң қурыған ултанын жасыл тоғайзарлыққа айландырыўда алып барылып атырған жумысларға үлес косыў мақсетинде экологиялық акция шөлкемлестирилди.Илажда Қарақалпақстан Республикасы Әдиллик министрлиги хызметкерлери сексеўил өсимлигин егиў жумысларында белсене қатнасты.
Буннан соң Мойнақ районында алып барылып атырған үлкен дөретиўшилик жумыслар менен танысылды.
Ҳуқықый үгит-нәсият ҳәм ағартыўшылық бөлими