Bog'lanish

Telefon
(+998 55) 101-10-08

Elektron manzil
qoraqalpoq@adliya.uz

Habar yuborish
Ishonch telefoni 1008

Янгиликлар

26

Пуқаралардың артықша шығынлардан жәбирлениўине шек қойылмақта


Пуқаралардың ерки ҳәм ыхтыярына итибар берген ҳалда мәмлекетимизде кең көлемли өзгерислер әмелге асырылып, олардың машқалаларын жеңиллетиў иләжлары көрилмекте.
Ҳәр қандай жәмийетте тилекке қарсы менменлик, басқалардың жағдайына, халықтың үрп-әдетлерине немқурайлы қараў, ысырапшылық сияқлы жағдайлар жоқ емес.
Мәмлекетимизде көплеген үгит-нәсият жумыслары алып барылыўына қарамастан, үйрениўлерди таллаў нәтийжеси терең машқалалар ҳәм кемшиликлердиң еле де сақланып киятырғанлығын көрсетеди. Айырым пуқаралар салтанатлы үйлениў тойларының қымбатлығына байланыслы қарызға батып, қарызды өтеў мақсетинде шет еллерге жумыс ислеў ушын кетиўге мәжбүр болса, гейбир пуқаралар шаңарақлық иләжларды қоңсылардың, туўысқанлардың, сондай-ақ, жәмәәтшиликтиң сынлы көз-қарасынан қутылыў қуралы ретинде қаралмақта.
Усы мүнәсибет пенен 2019-жылдың 14-сентябрь күни Олий Мажлистиң Нызамшылық палатасы Кеңеси ҳәм Сенат Кеңесиниң “Тойлар, шаңарақлық иләжлар, мереке ҳәм мәресимлер өткерилиўин тәртипке салыў системасын жәнеде жетилистириў ҳаққында”ғы Қоспа қарары қабылланды.
Бул Қоспа қарарда “Тойлар, шаңарақлық иләжлар, мереке ҳәм мәресимлер өткерилиўин тәртипке салыў ҳаққында”ғы Реже тастыйықланыўы ҳәмде
2020-жылдың 1-январь күнинен баслап күшке киргизилиўи нәзерде тутылған.
Қарарға муўапық тийкарғы өзгерислерди келтирип өтетуғын болсақ, олар төмендегилерден ибәрат:
– тойлар, шаңарақлық иләжлар, мереке ҳәм мәресимлер тек ғана бир күн (жерлеў мәресиминен басқа) 06:00 ҳәм 23:00 аралығында өткериледи;
– тойлар, шаңарақлық иләжлар, мереке ҳәм мәресимлерге 200ге шекем, усы иләжлар мүнәсибети менен ас бериў мәресимлерине 250ге шекем адам қатнасады;
– қос тойларда 250ге шекем, оның менен байланыслы ас бериў мәресимлерине 300ге шекем адам қатнасыўы мүмкин;
– жерлеў ҳәмде жерлеў мәресимлери, ас бериў мәресиминен басқа, көби менен үш күн даўамында шекленбеген муғдардағы пуқаралар қатнасыўында өткерилиўи мүмкин;
– той өткериўши шахслар тойдан кеминде бир ҳәпте алдын жасаў орнындағы пуқаралардың өзин-өзи басқарыў органларын хабарландырыў керек;
– некени мәмлекетлик дизимнен өткериў, келин-күйеўлердиң тойханаға келиўи ҳәм кетиўи менен байланыслы шаңарақлық иләжларда 3тен көп болған автомашинадан яки жәмийет қәўипсизлигине қәўип туўдырыўшы басқа транспорт үскенелеринен пайдаланбаслық;
– егер тойлар, шаңарақлық мереке ҳәм мәресимлерде диний мәресимлер өткерилиўи нәзерде тутылған болса, бундай мәресимди диний органының ўәкилликли ўәкили тәрепинен оқылады;
– миллий үрп-әдетлерге жат, әдеп-икрамлылық қағыйдаларына қайшы келетуғын түрли шоулар, артықшы ўақыт ҳәм қәрежет талап ететуғын тойлар, шаңарақлық мерекелерден алдынғы, мерекелер даўамында ҳәмде оннан кейинги қосымша ырымларды (“келин миннети”, “әке көрди”, “қуда шақырыў”, “куйеў шақырыў”, “келин шақырыў”, “пул шашыў” ҳәм басқаларды) өткериўге жол қойылмайды;
– жерлеў ҳәм жерлеў мәресимлери менен байланыслы иләжларды (“жети”, “пийшембилик», “жигирма”, “қырық”, “жыл асы”, “ақша тарқатыў”, “таўар бөлисиў”ҳәм басқаларды) өткериўге жол қойылмайды;
– хызмет көрсетиўге рухсат бериўши лицензияға ийе болған тойхана, кафе ҳәм ресторанларда 50 ҳәм оннан артық шахс қатнасыўында тойлар, шаңарақлық мереке ҳәм мәресимлер өткериў ушын иләж өткериўши шахс ҳәмде тойхана, кафе ҳәм ресторан басшысы арасында шәртнама дүзилиўи лазым;
– тойлар, шаңарақлық мереке ҳәм мәресимлерде екиден артық қосықшының (топардың) хызмет көрсетиўине жол қойылмайды.
Қарарда көрсетилген талаплардың сақланыўы депутатлар, мәҳәлле пуқаралар жыйынлары ақсақаллары ҳәм ишки ислер органларының профилактикалық инспекторлары тәрепинен бақлаўға алынатуғынлығы белгиленди.
Қабыл етилген бул Қоспа қарар мәмлекетимизде шаңарақлардың тек ғана социаллық аўҳалына емес, бәлким пүткил турмысына, қалаберсе жәмийетимизде қәлиплескен руўхый орталыққа кери тәсир көрсететуғын унамсыз ўақыялардың көбейиўине алып келетуғын бир қатар машқалалардың шешилиўине сөзсиз хызмет етеди.

Хожели районы əдиллик бɵлими
жетекши мəслəҳəтшиси
А.Гулимбетов