Bog'lanish

Telefon
(+998 55) 101-10-08

Elektron manzil
qoraqalpoq@adliya.uz

Habar yuborish
Ishonch telefoni 1008

Янгиликлар

21

Жаңа Салық кодексине тийкар 10 нан артық ҳүжжетлерге өзгерис ҳәм қосымшалар киргизилди


Жаңа Салық кодексине тийкар 10 нан артық ҳүжжетлерге
өзгерис ҳәм қосымшалар киргизилди

“Айырым нызам ҳүжжетлерине өзгерис ҳәм қосымша киргизиў ҳаққында”ғы Нызамға Президент тәрепинен қол қойылды.
Нызамға муўапық, Салық кодекси қабыл етилиўи мүнәсибети менен 10 нан артық нызам ҳүжжетлерине тийисли өзгерис ҳәм қосымшалар киргизилди.
Атап айтқанда, “Жер асты байлықлары ҳаққында”ғы Нызамға киргизилген қосымшаға көре, пайдалы қазылмаларды излеў, разведка етиў ҳәм қазып алыў ушын жер асты участкаларынан пайдаланыў ҳуқықы ушын лицензия алған жер астынан пайдаланыўшылар имзалы бонус ҳәм коммерцияға қолай табылма бонусын төлейди.
Имзалы бонус жер астынан пайдаланыўшының тийисли лицензия тийкарында пайдалы қазылмаларды  анықлаў ҳәм разведка етиў бойынша искерлигин әмелге асырыў ҳуқықы ушын бир мәртелик қатаң белгиленген төлеми.
Сондай-ақ, “Исбилерменлик искерлиги еркинлигиниң кепилликлери ҳаққында”ғы Нызамнан жергиликли мәмлекетлик ҳәкимияты органларының исбилерменлик искерлигин қоллап-қуўатлаў мақсетинде жергиликли салықлар бойынша жеңилликлер белгилеўге тийисли ўәкиллиги шығарылды.

Бул Нызам рәсмий жәрияланған күннен баслап күшке киреди.


Нөкис қаласы әдиллик бөлими
аға мәсләҳатшиси З.Базарбаева