Янгиликлар
13
2019-ЖЫЛ ДАЎАМЫНДА ӘДИЛЛИК МИНИСТРЛИГИ ҲӘМ РАЙОН (ҚАЛА) ӘДИЛЛИК БӨЛИМЛЕРИ ТӘРЕПИНЕН ӘМЕЛГЕ АСЫРЫЛҒАН ЖУМЫСЛАР
2019-ЖЫЛ ДАЎАМЫНДА ӘДИЛЛИК МИНИСТРЛИГИ ҲӘМ РАЙОН (ҚАЛА) ӘДИЛЛИК БӨЛИМЛЕРИ ТӘРЕПИНЕН ӘМЕЛГЕ АСЫРЫЛҒАН ЖУМЫСЛАР
Бирден бир мәмлекетлик ҳуқықый сиясатты жүргизиў, норма дөретиўшилиги жумысларын муўапықластырыў, мәмлекетлик ҳәм хожалық басқарыў, жергиликли мәмлекетлик ҳәкимияты уйымлары жумысларында ҳуқықты қоллаў әмелиятын басқышпа-басқыш тәмийинлеў бойынша илажларды әмелге асырыў әдиллик уйымларының тийкарғы ўазыйпасы есапланады.
Бул бағдарда 2019-жыл даўамында министрлик ҳәм район (қала) әдиллик бөлимлери тәрепинен бир қатар жумыслар әмелге асырылды.
Атап айтатуғын болсақ, Инсан ҳуқықларын қорғаў тараўында: Жәми 5 мыңға жақын мүрәжат келип түсип, судларға 4 млрд 400 млн сумлық даўа арзалар киргизилип, пуқаралардың ҳуқықлары тикленди. Әдиллик министрлигине келип түскен мүрәжатлардың басым көпшилиги мийнет, үй-жай, социаллық қорғаў ҳәмде жер ажыратыў мәселелери менен байланыслы.
Нызамлардың дурыс орынланыўы ҳәм ҳуқықты қоллаў әмелияты бойынша 562 шөлкем де үйрениўлер өткерилип, 94 мыңға жақын нызамбузыўшылық жағдайлары анықланды. Үйрениўлер нәтийжесинде 2019-жылда мәкеме
ҳәм шөлкемлерге жәми 994 усыныслар киргизилип, бул усынысларға тийкар, мәмлекетлик уйымлардың 53 қарары бийкар етилди.
Ҳуқықый хызмет көрсетиў тараўында мәмлекетлик нотариал кеңселери тәрепинен халқымызға 200 мыңнан артық нотариал хызметлер көрсетилип, Қарақалпақстан Республикасы БЮДЖЕТИНЕ 19 млрдтан аслам қаржы түсирилди.
Адвокатура тараўында: Министрлик тәрепинен 132 адвокатлық дузилмелери мәмлекетлик дизимнен өткерилип, 22 адвокатқа адвокатлық искерлик пенен шуғылланыў ушын
адвокатлық лицензиялары берилди.
Юридикалық хызметлердиң жумысларын муўапықластырыў тараўында: Бүгинги күнде мәмлекетлик орган ҳәм шөлкемлерде 256 юрист бар болып, олардың 85 и 2019-жылда Әдиллик министрлигинен сәўбеттен өткерилип, лаўазымға тайынланды. Сондай–ақ, олардың тәжрийбесин арттырыў мақсетинде 91 юристлердиң маманлығын асырылып,
91 юристке арнаўлы мәртебе дәрежеси берилди.
Ҳуқықый экспертиза тараўында: Әдиллик министрлиги ҳәм район (қала) әдиллик бөлимлери тәрепинен Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси ҳәм район (қала) ҳәкимликлериниң
144 қарар жойбарлары ҳуқықый экспертизадан өткерилип мәмлекетлик есапқа алынды. Белгиленген талапларға әмел етпей усынылған 16 қарар жойбары ҳуқықый экспертизадан өткерилмей қайтарылды. Жергиликли мәмлекетлик ҳәкимияты органларының 116 қарарлары LEX.UZ Нызам ҳүжжетлери миллий базасына жайластырылды.
Ҳуқықый үгит-нәсият ҳәм ағартыўшылық тараўында 2019 жылда 12 мыӊға жақын үгит-нәсият жумыслары әмелге асырылды. Жаңадан қабыл етилген норматив-ҳүжжетлерди орынлаўшыларға өз ўақтында жеткерип бериў, халық пенен тығыз байланысты тәмийинлеў, олардың машқалаларын үйрениў ҳәмде ҳуқықый мәсләҳат бериў мақсетинде үгит-нәсият жумыслары алып барылды. Атап өтетуғын болсақ, “Әдиллик сейил”лери, “Ҳуқықый билимлер күни”, “Стрит лау” жойбарлары ҳәмде көшпели қабыллаўлар өткерилди. Буннан тысқары, Жаслар арасында “Коррупцияға қарсы гүресиў” бойынша өткерилген шығармалар таңлаўында Нөкис қаласы 46-санлы мектептиң 10-класс оқыўшысы Тамара Скрипкина таңлаўдың Өзбекстан Республикасы басқышында сыйлы 1-орынды ийеледи. Сондай-ақ, Төрткүл районы Финанс бөлими юристконсульти Бекполат Авазметов “Ҳуқықый ислер ағласы” көкирек нышаны менен сыйлықланды.
Әлбетте, орынлаўымыз лазым болған жумысларымыз көп! Биз ҳуқықты қоллаў, халықтың ҳуқықый билимин асырыўда 2020-жылда әмелге асыратуғын тийкарғы жумысларымызды белгилеп алдық. Әлбетте, бул бағдарда ҳәр бир мәмлекетлик уйымларды биз бирге ислесиўге шақырып қаламыз.
Шөлкемлестириў-қадағалаў ислери
бөлим баслығы Т.Калиллаев