Bog'lanish

Telefon
(+998 55) 101-10-08

Elektron manzil
qoraqalpoq@adliya.uz

Habar yuborish
Ishonch telefoni 1008

Янгиликлар

19

Мәҳәлле ҳәм шаңарақты қоллап-қуўатлаў министрлиги шөлкемлестирилди


«Жәмийетте социаллық-руўхый орталықты саламат етиў, мәҳәлле институтын жәнеде қоллап-қуўатлаў, шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар менен ислеў системасын жаңа дәрежеге алып шығыў ис-илажлары ҳаққында»ғы Президент Пәрманы ПП-5938-сан, 18.02.2020-ж.) қабыл етилди.
Пәрманға муўапық, ҳәр бир мәҳәлледе «Абат ҳәм қәўипсиз мәҳәлле» принципине тийкарланған жаңа система енгизиледи.
Пәрман менен Өзбекстан Республикасы Мәҳәлле ҳәм шаңарақты қоллап-қуўатлаў министрлиги ҳәмде оның Қарақалпақстан Республикасы, ўәлаятлар,Ташкент қаласы район (қала) бөлимлери шөлкемлестирилди.
Жәмийетте «Абат ҳәм қәўипсиз мәҳәлле» принципиниң толық ҳәм нәтийжели енгизилиўине ҳәр тәреплеме көмеклесиў, шаңарақлар ҳәм мәҳәллелердеги социаллық-руўхый орталықты саламат етиўде пуқаралардың өзин-өзи басқарыў органлары менен жақын бирге ислесиўди жолға қойыў министрликтиң тийкарғы ўазыйпа ҳәм искерлик бағдарларының бири есапланады.
Пәрманға муўапық, Министрлер Кабинети жанындағы «Шаңарақ» илимий-әмелий изертлеў орайы ҳәмде «Маҳәлле» оқыў-методикалық ҳәм илимий изертлеў орайы негизинде «Мәҳалле ҳәм шаңарақ» илимий-иззертлеў институты шөлкемлестириледи ҳәм министрлик қурамына өткериледи.
Мағлыўмат ушын, Өзбекстан Ҳаял-қызлар комитети ҳәм Пуқаралардың өзин-өзи басқарыў органлары жумысларын муўапықластырыў бойынша Республика Кеңеси басшы органларының бул шөлкемлерин  сапластырыў ҳаққындағы қарары қабыл етилди.
Сондай-ақ, Өзбекстан Нураныйларының социаллық искерлигин қоллап-қуўатлаў жәмийетлик бирлеспеси формасындағы «Нураный» қорының Қарақалпақстан Республикасы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы, район (қала) бөлимлерин сапластырыў ҳаққындағы қарарлары қабыл етилди.

@huqiqiymalimleme