Янгиликлар
05
Адам саўдасы ҳәм мәжбүрий мийнетке қарсы гүресиў дәўир машқаласы
Адам саўдасы ҳәм мәжбүрий мийнетке қарсы гүресиў дәўир машқаласы.
Сонғы жылларда республикамызда пуқаралардың ҳуқықлары ҳәм нызамлы мәплерин қорғаў, суд-ҳуқық системасын реформа қылыў бойынша кең көлемли ислер алып барылмақта. Ҳуқықбузарлықлардың алдынала профилактикасы ҳәм жынаятшылыққа қарсы гүресиў, сондай-ақ, баслы жөнелис есапланған адам саўдасына қарсы гүресиў ҳәм мәжбүрий мийнетти түп-тамыры менен жоқ қылыў бойынша комплекс ис-иләжлар әмелге асырылмақта.
Адам саўдасы қурбанларын анықлаў, қорғаў ҳәм социаллық реабилитация қылыў, усындай жынаятлар қурбанына айланған пуқараларға медициналык, психологик ҳәмде басқада жәрдемлер көрсетиў, адам саўдасына байланысы бар болған шахсларды тергеў қылыў ҳәм жуўапкершиликке тартыў, сондай-ақ, бундай жынаятларды садир етиўге имкан берип атырған шәрт-шәраятларды жоқ етиў бойынша тәсиршең шаралар көрилмекте.
Балалар мийнетине шек қойылды, аўыл хожалығы жумыслары, аймақларды абаданластырыў ҳәм көклемзарластырыў дәўиринде басшылардың мәжбүрий мийнетинен пайдаланыўына шек қойыў бойынша сыяқлы көрилмеген ис-иләжлар амелге асырылмақта.
Пуқаралардың ҳуқықлары ҳәм нызамлы мәплери кепилликлерин қорғаў ҳәмде халықаралық майданда мәмлекетимиз имиджин асырыў мақсетинде пуқаралық жәмийети ўәкиллери ҳәм усы тараўдағы сырт ел шөлкемлери менен өз-ара байланысты тәмийинлеў бойынша жумыслар алып барылмақта.
Адам саўдасы ҳәм мәжбүрий мийнетке қарсы гүресиў тараўында, мәмлекетимиздиң халықаралық майдандағы қанаатланарлық имижини алға сүриўде мәмлекет органлары жумысларын муўапықластырыўдың тәсиршең системасын жаратыў мақсетинде, сондай-ақ, 2017-2021 жылларда Өзбекстан Республикасын раўажландырыўдың бес басламалы жөнелиси бойынша Ҳәрекетлер стратегиясы бойынша белгиленген ўазыйпаларға муўапық:
Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2019-жыл 30-июлдағы «Адам саўдасына ҳәм мәжбүрий мийнетке қарсы гүресиў системасын жәнеде жетилистириў бойынша қосымша ис-иләжлары ҳаққында»ғы ПП-5775-сан Пәрманы қабыл етилди.
Пәрман менен Адам саўдасына қарсы гүресиў бойынша республика мәкемелерара комиссиясы Адам саўдасы ҳәм мәжбүрий мийнетке қарсы гүресиў миллий комиссиясы етип қайта шөлкемлестирилди ҳәм оның қурамы тастыйықланды.
Миллий комиссия Адам саўдасына қарсы гүресиў мәселелери бойынша ҳәмде Мәжбүрий мийнетке қарсы гүресиў мәселелери бойынша комиссияларынан ибарат.
Киши комиссияларға тийислилиги бойынша Миллий комиссия баслығы орынбасарлары есапланған ишки ислер министри ҳәмде бәнтлик ҳәм мийнет қатнасықлары министри басшылық етеди.
Мәмлекет органлары ҳәм аймақлық органларының, пуқаралардың өзин өзи басқарыў ҳәм мәмлекетлик емес коммерциялық шөлкемлердиң адам саўдасына ҳәм мәжбүрий мийнетке қарсы гүресиў тараўындағы жумысларын муўапықластырыў Миллий комиссияның тийкарғы ўазыйпалары етип белгиленди.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқары Кеңеси баслығы, ўәлаятлар, Ташкент қаласы, районлар (қалалар) ҳәкимлери адам саўдасына ҳәм мәжбүрий мийнетке қарсы гүресиў бойынша аймақлық комиссияларға басшылық етеди.
Пәрман менен Адам саўдасына ҳәм мәжбүрий мийнетке қарсы гүресиў бойынша институти шөлкемлестирилди.
Миллий баянатшы адам саўдасына ҳәм мәжбүрий мийнетке қарсы гүресиў тараўындағы жағдай ҳаққында Президентке ҳәр жылы есабатын усынады.
Қоңырат районы әдиллик бөлиминиң
бас мәсләҳәтшиси Марат Сметуллаев