Янгиликлар
04
Бүгин юрист консультлерге мәртебе дәрежелери тапсырылды
Усы жылдың 4-февраль сәнесинде Өзбекстан Республикасы Әдиллик министрлигиниң буйрығы тийкарында Қарақалпақстан Республикасында жумыс алып барып атырған 9 юрист консультқа мәртебе дәрежелери тапсырылды.
Бүгинги күнде юрист консультлар мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлерде нызамшылықты тәмийинлеўде, әдилликти беккемлеўде айрықша орынға ийе саналады.
Мағлыўмат ушын атап өтемиз, мәртебе дәрежелер тийисли тәртипте маманлығын асырған, аттестациядан өткен ҳәм бир жыллық (юридикалық хызмет хызметкери сыпатында) ис стажына ийе болған юридика хызмети тараўы хызметкерлерине бериледи. Мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлерде хызмет алып барып атырған юридикалық хызмет кәнигелерине мәртебе дәреже алдынғы ис яки хызмет орны тәрепинен берилген арнаўлы дәрежелерди есапқа алған ҳалда,олардың ийелеп турған лаўазымына қарамастан,мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлерде хызмет алып барып атырған юридикалық хызмет кәнигелерине мәртебе дәрежелерди бериў бойынша белгиленген реже тийкарында бериледи.