Bog'lanish

Telefon
(+998 55) 101-10-08

Elektron manzil
qoraqalpoq@adliya.uz

Habar yuborish
Ishonch telefoni 1008

Янгиликлар

04

Өзин-өзи бәнт еткен пуқараларға ис стажы есапланады


2019-жыл 1-сентябрьден баслап өзин-өзи бәнт еткен пуқараларға ўақтынша мийнет гуўалығы,олардың ийелерине мийнет стажын есапқа алыў ҳәм хошаметленетуғын жеңилликлерден пайдаланыў ҳуқықын бериўди нәзерде тутқан тәртип енгизилген. (https://lex.uz/docs/4409483).
Өзин-өзи бәнт еткен пуқаралар-хызметлер көрсетиўди, ислердиң  орынланыўын ғәрезсиз әмелге асыратуғын,жеке тәртиптеги исбилермен сыпатында дизимге алынбаған ҳәм жалланба мийнеттен пайдаланбайтуғын, мийнет стажы есапқа алыныўды ҳәм хошаметлеўши жеңилликлерден пайдаланыў ҳуқықы менен ўақтынша мийнет гуўалығын рәсмийлестирген шахслар.
Ўақтынша мийнет гуўалық берилген сәнеден баслап ҳәм олар әмел етиўдиң пүткил дәўири пенсияны есаплап шығарыў ушын пуқаралардың мийнет стажына есапланады.