Янгиликлар
03
Мийнет нызамшылығының орынланыўын тәмийинлеў лазым
Қарақалпақстан Республикасы Әдиллик министрлигиниң Социаллық-экономикалық тараўда ҳуқықты қолланыў әмелиятын үйрениў бөлими тәрепинен Қарақалпақстан Республикасы Бәнтлик ҳәм мийнет қатнасықлары министрлигинде мийнет нызамшылығының орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде үрениў жумыслары алып барылған еди.
Үйрениў даўамында анықланған кемшиликлерди болдырмаў сондай-ақ, ҳәкимшилик ислерди көрип шығыўда нызамшылық нормаларын туўры қолланыўды түсиндириўге бағдарланған семинар тренинг шөлкемлестирилди.
Семинар-тренинг даўамында Әдилиллик министрлиги хызметкерлери тийисли сораўларға жуўаплар берди.
Атап өтетуғын болсақ, «Айырым жағдайларда Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодекс талапларына қарсы рәўиште ҳәкимшилик ҳуқықбузарлық ҳаққында баянламаны дүзиў ўақтында жуўапкершиликке тартылып атырған шахсқа оның ҳуқық ҳәм миннетлемелери түсиндирилмей қалдырылады. Соның ақыбетинде пуқараның ҳуқықлары бузылып, ҳәкимшилик ҳуқықбузарлық ҳаққында баянламаның ҳақыйқый емеслигине алып келеди» -,деген мазмундағы сораўға төмендегише жуўаплар қайтарылды. Яғный, Мәмлекетлик мийнет инспекциясы инспекторлары Кодекс талапларынан келип шығып, баянламаны туўры рәсмийлестириў кереклиги ҳаққында ҳуқықый мәсләҳәтлер берилди.
Еслетип өтемиз, ҳуқықты қолланыў әмелиятында жүзеге келип атырған ҳуқықый мәселелер бойынша семинар-тренинглер орынларда даўам етеди.