Янгиликлар
16
28 түрдеги мағлыўматнаманы талап етиў бийкар етилди.
«Бюрократиялық тосықларды жәнеде қысқартыў ҳәмде мәмлекет органлары ҳәм шѳлкемлери искерлигине заманагѳй басқарыў принцплерин енгизиў ис-иләжлары ҳаққында» Президент қарары (ПҚ-4546-сан, 09.12.2019 ж.) қабыл қылынды.
Қарарға муўапық, 2020 жыл 1 январдан баслап;
- ҳәкимликлердиң айрықша функция ҳәм ўәкилликлери тийисли мәмлекет басқарыў органларының аймақлық бѳлимлерине ѳткериледи.
- ҳәкимликлердиң бир қанша функция ҳәм ўәкилликлери шығарып тасланды;
- мәмлекет органлары ҳәм шѳлкемлери жәми 28 түрдеги ҳүжжетлерин пуқаралардан талап қылыўы, пуқаралардың ѳзин-ѳзи басқарыў органлары тәрепинен болса оларды берилиўине жол қойылмайды.
Қарарға тийкар, турар жайды натурар жайға ѳткериўге рухсатнама бериў функциясы ҳәкимликлерден район (қала) қурылыс бѳлимлерине ѳткерилди.
Сондай ақ, ҳәкимликлердиң базар искерлигин тоқтатып турыў бойынша қарар қабыл қылыў сыяқлы ўәкилликлери бийкар қылынды.
2021 жыл 1 январдан баслап мәмлекет органлары ҳәм шѳлкемлери, олардың аймақлық бѳлимлери ортасында ҳүжжет айланыўы ҳәм еабатларды жүритиў тек электрон кѳринисте әмелге асырылады.
Тақыятас районы
әдиллик бѳлими баслығы
М.Сейтимбетов