Янгиликлар
23
ӨЗБЕКСТАНДА НОТАРИАТ ҲӘРЕКЕТЛЕРДИ ӘМЕЛГЕ АСЫРЫЎ ПРОЦЕССЛЕРИН ТҮП-ТИЙКАРЫНАН ӘПИЎАЙЫЛАСТЫРЫЛМАҚТА
ӨЗБЕКСТАНДА НОТАРИАТ ҲӘРЕКЕТЛЕРДИ ӘМЕЛГЕ АСЫРЫЎ ПРОЦЕССЛЕРИН ТҮП-ТИЙКАРЫНАН ӘПИЎАЙЫЛАСТЫРЫЛМАҚТА
2019 жылы 09-сентябрь күни Өзбекстан Республикасы Президентиниң 5816-санлы «Өзбекстан Республикасында нотариат системасын түп-тийкарынан реформалаў илажлары ҳаққында»ғы Пәрманы қабылланды. Бул Пәрман менен Нотариат институтын цифрластырылған модельге өткериў, нотариал ҳәрекетлерди әмелге асырыў процесслерин түп-тийкарынан әпиўайыластырыў мақсетинде, сондай-ақ, 2017-2021-жылларда Өзбекстан Республикасын раўажландырыўдың бес тийкарғы бағдары бойынша Ҳәрекетлер стратегиясында белгиленген ўазыйпалардан келип шығып:
1. Өзбекстан Республикасы Әдиллик министрлиги тәрепинен нотариат тараўын тәртипке салыў мақсетинде «Нотариус» автоматластырылған мәлимлеме системасы жаратылғанлығы ҳәм онда төмендеги имканиятлар бар екенлиги мағлыўмат ушын қабыл етилди:
барлық нотариал ҳәрекетлерди мәлимлеме системасы арқалы онлайн тәризде мониторинг етиў, нызамсыз ис-ҳәрекетлерди тоқтатыў ҳәм пуқаралардың шахсын анықлаўда заманагөй тексериў усылларынан пайдаланыў;
нотариал ҳәрекетлерди мәлимлеме системасында мәжбүрий дизимге алыў ҳәм ҳәр бир ҳүжжетке қайталанбайтуғын арнаўлы сан бериў, сол арқалы қәте-кемшиликлердиң алдын алыў;
орынланған нотариал ҳәрекетлерди бирден-бир электрон базада дизимге алыў, жалған нотариал ҳүжжетлердиң рәсмийлестирилиўине жол қоймаў ҳәм ҳүжжетлер ҳаққындағы мағлыўматлар тарийхын сақлаў;
мәмлекеттиң пүткил аймағы бойлап экстерриториаллық принципи тийкарында нотариал хызметлерди көрсетиўдиң сапасы ҳәм оперативлиги, хызметкерлер тәрепинен өзиниң функционаллық ўазыйпаларының керекли дәрежеде орынланыўы үстинен аралықтан турып қадағалаў;
нотариал ҳәрекетлер ушын төлемлерди автоматластырылған тәризде есаплаў ҳәм электрон төлемлерди өткериў, оларды тастыйықлайтуғын хабарларды жибериў ҳәм уйымлараралық электрон мәлимлеме алмасыў.
2020-жыл 1-январьдан мүлкке байланыслы келисимлерди рәсмийлестриўде төмендеги талаплар бийкар етилди:
қурылысы жуўмақланбаған турақ-жайларды басқа шахсқа өткериўде жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымларының рухсатын алыў;
қәўендерликтеги шахстың атынан мүлклерди ижара (аренда)ға бериўде қәўендерлик уйымларының рухсатын алыў (бул ҳаққында қәўендерлик уйымларын хабардар етиў шәрти менен).
Төмендеги келисимлерди мәжбүрий нотариал тастыйықлаў тәртиби бийкар етилсин:
2019-жыл 1-октябрьден – транспорт қуралы ийесиниң пуқаралық жуўапкершилигин мәжбүрий қамсызландырыў бойынша қамсызландырыў полисинде көрсетилген транспорт қуралы ийесиниң жақын туўысқанлары (ата-ана, ерли-зайып, балалар, аға-инилер, апа-сиңиллер) арасында транспорт қуралынан пайдаланыў ҳәм басқарыў ҳаққындағы исеним хатын;
2020-жыл 1-январьдан – юридикалық шахслардың, атап айтқанда, банк ҳәм басқа да кредит шөлкемлериниң кәрхананы ижара ҳәм бийпул пайдаланыўға бериў ҳәм бирлемши базардағы көшпес мүлк ҳәм транспорт қуралларын алыўда ипотека, гиреў ҳәм лизинг шәртнамаларын. Онда, гиреў (ипотека) шәртнамаларын рәсмийлестирген банк ҳәм басқа да кредит шөлкемлери мүлкке шеклеў қойыў ҳәм шеклеўди алыўды мәлимлеме-коммуникация технологияларынан пайдаланған ҳалда «Нотариус» автоматластырылған мәлимлеме системасы арқалы еркин әмелге асырады.
2020-жыл 1-январьдан төмендеги нотариал ҳәрекетлер енгизилди:
пуқаралық-ҳуқықый қатнасықларда судқа шекемги болған процессте дәлийллерди тәмийинлеў (гүўалардың көрсетиўлерин жазып алыў, жазба ҳәм айғақлық дәлийллерди көзден өткериў және гүўалық бериў, экспертиза тайынлаў, Интернет тармағындағы фактлерди тастыйықлаў);
пуқаралық-ҳуқықый қатнасықларда, соның ишинде, мүлк ҳәм мийрас мәселелеринде медиатор ўазыйпаларын орынлаў;
жаратылған авторлық ҳәм түрлес ҳуқық объектиниң усынылған ўақтын тастыйықлаў.
2020-жыл 1-январьдан сондай тәртип орнатылып, оған муўапық:
көшпес мүлклер бойынша келисимлерди нотариал тастыйықлаўда Өзбекстан Республикасы Бас прокуратурасы жанындағы Мәжбүрий орынлаў бюросының ўәкилликлерине киретуғын коммуналлық хызметлер бойынша қарыздарлықлар ҳаққында мағлыўматларды тек ғана Мәжбүрий орынлаў бюросының мәлимлеме системасы арқалы онлайн режимде тексериў тәртиби орнатылған ҳалда, тийисли коммуналлық шөлкемлерден бундай қарыздарлық бар ямаса жоқ екенлиги ҳаққында мағлыўмат алыў талабы бийкар етиледи;
келисимлер бойынша тәреплердиң төлем миннетлемелерин орынлаўы еркин түрде нотариус депозити арқалы әмелге асырылады. Онда көшпес мүлклер бойынша келисимлерди нотариал тастыйықлаўда белгили қарыздарлықты анықлағанда, оларды тийисли қаржыны нотариус депозитине өткериў арқалы төлеў ямаса олардың тийкарланғанын тексериў имканияты бар болады;
келисимлерди нотариал тастыйықлаўды тәреплер ҳәр қыйлы аймақларда жайласқан нотариал уйымда аралықтан турып хызмет көрсетиў арқалы видеоконференц байланыс режиминде әмелге асырыў имканияты жаратылады;
ашық мәлимлеме системасына жайластырылған нотариал тастыйықланған арзалар, ижара шәртнамалары ҳәм исеним хатлар мүлкти шетлетиўге байланыслы болмаған ҳәрекетлерди әмелге асырыўда ҳүжжеттиң қағаз түри менен тең ҳуқықый күшке ийе болады ҳәм мәмлекетлик уйым ямаса лаўазымлы шахс оларды тән алыўдан бас тартыўы қадаған етиледи;
республика аймағында нотариал тастыйықланған арзалар, ижара шәртнамалары ҳәм исеним хатлар тийкарында нотариал ҳәрекетлерди әмелге асырыўда усы арзалар, ижара шәртнамалары ҳәм исеним хатларын усынбастан, оларды сийрек ушырасатуғын сан арқалы тексертиў имканияты жаратылады;
нотариал ҳәрекетти әмелге асырыў тилегин билдирген шахсқа нотариал ҳәрекеттиң рәсмийлестирилиўи ушын зәрүр болған ҳүжжет көширмелерин нотариал уйымға электрон тармақ арқалы алдыннан жибериў жолы менен электрон нәўбет алыў ҳәм тийисли ҳүжжетлерди таярлап қойыў имканиятын беретуғын хызмет енгизиледи;
Өзбекстан Республикасы Бирден-бир интерактив мәмлекетлик хызметлер порталы жәрдеминде электрон мүрәжат жибериў арқалы уйымлық нотариал архивте бар болған ҳүжжетлердиң электрон қол таңба менен тастыйықланған көширмесин алыў имканиятын беретуғын хызмет усынылады.
Қоңырат районы әдиллик бөлими
баслығы Ж.А.Мамбедуллаев