Янгиликлар
09
Билесизбе
Билесизбе
Нызамшылыққа көре, Сенат ағзалары Қарақалпақстан Республикасы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласынан тең муғдарда — 6 адамнан сайланады
Сенаттың 16 ағзасы илим, мәденият, әдебият, ислеп шығарыў тараўында ҳәмде мәмлекет ҳәм жәмийет искерлигиниң басқа тармақларында үлкен әмелий тәжирийбеге ийе болған ҳәмде айырықша хызмет көрсеткен ең абырайлы пуқаралар арасынан Президент тәрепинен тайынланады.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң, жергиликли Кеңестиң сайлаў күни 25 жасқа толған ҳәмде кеминде 5 жыл Өзбекстан аймағында турақлы жасап атырған депутаты Сенат ағзалығына сайланыў ушын талабан болыўы мүмкин.
Сенат ағзаларының сайлаўы Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси, жергиликли Кеңеслер депутатлары сайланғанынан кейин 1 айдан кешиктирмей өткериледи.