Bog'lanish

Telefon
(+998 55) 101-10-08

Elektron manzil
qoraqalpoq@adliya.uz

Habar yuborish
Ishonch telefoni 1008

Янгиликлар

08

Билесизбе


Билесизбе

Транспорт қуралын жәрийма майданшасына жайластырыў менен байланыслы зәрүр өзгешеликлер

Транспорт қуралын жәрийма майданына ким алып барады?

Жәрийма майданына алып барыў, жайластырыў ҳәм сақлаў ҳәкимликлер тәрепинен таңлап алынатуғын юридикалық шахслар тәрепинен әмелге асырылады.

Мәмлекетлик органның ўәкилликли хызметкери  ҳәмде айдаўшы усланған транспорт қуралын жәрийма майданына айдап барыўға ҳақылы емес.

Транспорт қуралын жәрийма майданына алып келиў қәрежетлерин ким төлейди?

Транспорт қуралын жәрийма майданына алып келиў ҳәм сақлаў қәрежетлерин транспорт қуралы айдаўшысы, ийеси ямаса ийесиниң ўәкили төлейди.

Төлем муғдарын ким белгилейди?

Қәрежетлер ушын ҳақы муғдары хызмет көрсетиўши юридикалық шахс тәрепинен тастыйықланды.

Бул муғдар ҳәкимликлер тәрепинен белгиленетуғын шекленген муғдарлардан жоқары болыўы мүмкин емес.

Төлем қашан төленеди?

Транспорт қуралы жәрийма майданынан шығарылып атырғанда төленеди.

Бунда, төленген сумма бойынша қадағалаў-касса машинасы ямаса есап-китап терминалының чеки мәжбүрий тәризде берилиўи шәрт.

Транспорт қуралы қашан ийесине қайтарылады?

Транспорт қуралын услаў себеплери сапластырылған ҳәмде көрсетилген хызметлер ушын ҳақы төленгеннен кейин, ўәкилликли шахстың жазба рухсатнамасы тийкарында ийесине қайтарылады.