Bog'lanish

Telefon
(+998 55) 101-10-08

Elektron manzil
qoraqalpoq@adliya.uz

Habar yuborish
Ishonch telefoni 1008

Янгиликлар

08

Нызамшылықтағы жаңалықлар


Нызамшылықтағы_жаңалықлар

Сырт елде ата-ана қарамағынан айырылған балаларды қайтарыў тәртиби белгиленди
“Сырт елде ата-анасы қарамағынан айырылған Өзбекстан пуқараларының балаларын Өзбекстанға қайтарыў тәртибин жетилистириў ҳаққында”ғы Ҳүкимет қарары (6-сан, 07.01.2020-ж.) қабыл етилди.

Қарарға муўапық:
- сырт елде ата-анасы қарамағынан айырылған балалар Өзбекстанға Ишки ислер министрлиги тәрепинен қайтарылады;
- 3 жасқа шекем болған балаларды Өзбекстанға қайтарыў Ден саўлықты сақлаў министрлиги менен биргеликте шөлкемлестириледи;
- усы балалардың шахсын тастыйықлаўшы ҳүжжети болмағанда, олардың Өзбекстан пуқаралығына ийелиги Өзбекстанның сырт елдеги дипломатиялық ўәкилханалары ҳәм консуллық мәкемелери тәрепинен тастыйықланады.

Қарар менен тастыйықланған режеде сырт елде ата-анасы қарамағынан айырылған балаларды қайтарыў тәртиби белгиленди.

Режеге көре, Ишки ислер министрлиги, Сыртқы ислер министрлиги ҳәм Ден саўлықты сақлаў министрлиги сырт елде ата-анасы қарамағынан айырылған балаларды қайтарыў бойынша ўәкилликли органлар есапланады.

Бул бойынша искерлик Ишки ислер министрлигиниң Ҳуқықбузарлықлар профилактикасы бас басқармасы тәрепинен муўапықластырып барылады.