Bog'lanish

Telefon
(+998 55) 101-10-08

Elektron manzil
qoraqalpoq@adliya.uz

Habar yuborish
Ishonch telefoni 1008

Янгиликлар

06

Нызамшылықтағы жаңалықлар


Нызамшылықтағы_жаңалықлар

Ҳүкимет қарары менен Үзиликсиз руўхый тәрбия концепциясы тастыйықланды
Үзиликсиз руўхый тәрбия концепциясын әмелге асырыўдың үстин бағдарларынан бири халықтың перзент тәрбиясы бойынша билимлерин, педагогикалық мәдениятын асырыў пуқараларды үзиликсиз руўхый тәрбияның нәтийжели усыллары ҳәм әмелге асырыў формалары менен турақлы таныстырып барыў есапланады.

Концепцияның мақсети – жас әўладта ғәрезсиз өмир ушын зәрүр социаллық көнликпе ҳәм пазыйлетлерди жасына сай, басқышпа-басқыш қәлиплестириў тийкарында жоқары пазыйлетли, бәркамал әўладты тәрбиялаўдан ибарат.

Концепция төрт басқышты қамтып алады:

- биринши басқыш: шаңарақларда (ҳәмиле дәўири, бала туўылғаннан 3 жасқа шекем болған дәўир);

- екинши басқыш: мектепке шекемги билимлендириў 3-6 (7) жасқа шекем болған дәўир;

- үшинши басқыш: улыўма орта билимлендириў (7 (6)-10 жасқа шекем басланғыш класс, 11-17 (18) жас);

- төртинши басқыш: ислеп шығарыўда искерлик көрсетип атырған ҳәм бәнт болмаған, сондай-ақ, орта арнаўлы кәсип-өнер ҳәм жоқары билимлендириў мәкемеси системасындағы жаслар.