Янгиликлар
23
Нызамшылықтағы жаңалықлар
Нызамшылықтағы_жаңалықлар
Министрлер Кабинетиниң жаңаланған атқарыўшы дүзилмеси тастыйықланды
“Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң атқарыўшы дүзилмесин жетилистириў менен байланыслы қосымша ис-илажлар ҳаққында”ғы Президент қарары (ПҚ–4569-сан, 22.01.2020-ж.) қабыл етилди.
Қарарға муўапық, Министрлер Кабинети атқарыўшы структурасында Бас министрдиң биринши орынбасары – транспорт министри лаўазымы сапластырылып, Бас министрдиң орынбасары лаўазымы киргизилди.
Сондай-ақ, Министрлер Кабинети атқарыўшы дүзилмесинде бир қатар лаўазымлар ҳәм секретариатлар сапластырылып, басқа лаўазымлар киргизилди ҳәм тийисли секретариатлар шөлкемлестирилди.
Атап айтқанда, Бас министрдиң билимлендириў ҳәм ден саўлықты сақлаў мәселелери бойынша орынбасары, Бас министр орынбасары – Туризмди раўажландырыў мәмлекетлик комитети баслығы лаўазымлары киргизилди, Инвестициялар, экспортты қоллап-қуўатлаў ҳәм сыртқы экономикалық байланыслар мәселелери, билимлендириў ҳәм ден саўлықты сақлаў мәселелери секретариатлары шөлкемлестирилди.
Қарар менен Министрлер Кабинетиниң басқарыў хызметкерлери шекленген саны 241 штат бирлигинен ибарат болған жаңаланған атқарыўшы дүзилмеси тастыйықланды.