Bog'lanish

Telefon
(+998 55) 101-10-08

Elektron manzil
qoraqalpoq@adliya.uz

Habar yuborish
Ishonch telefoni 1008

Янгиликлар

21

Нызамшылықтағы жаңалықлар


Нызамшылықтағы_жаңалықлар

Пиллешилик ҳәм тутшылық шөлкемлерине субсидиялар бериледи

“Пиллешилик тараўында жипек қурты азықлық базасын раўажландырыў бойынша қосымша ис-илажлар ҳаққында”ғы  Президент қарары  (ПҚ–4567-сан, 17.01.2020-ж.) қабыл етилди.

Қарарға муўапық, 2020-жылда жаңа тутзарлықлар ушын ажыратылатуғын жер майданлары белгиленди.

Атап айтқанда, усы жылдың  I шерегинде жаңа тутзарлықлар ушын республика бойынша жәми 4 985 гектар жер майданы ажыратылады.

Қарар менен 2020–2024-жылларда республика аймақларында мелиоратив объектлер әтирапында ҳәм аўыл хожалығы жерлеринде өнимдарлықты көбейтиўге бағдарланған самал ҳәм суў эрозияларынан қорғаў ушын қоршама тутзарлықларды қурыў прогноз параметрлери тастыйықланды.

Оған көре, белгиленген жылларда жәми 12 мың гектардан зыят майданда қоршама тутзарлықлары қурылады.

Сондай-ақ, 2020-2025-жылларда жипек қуртын күтимлеў ҳәм тири пилле шийки заты жетистириўиниң тийкарғы мақсетли көрсеткишлери тастыйықланды.

Соған тийкар, усы жылда республика бойынша жәми 21 мың тонна пилле жетистириў нәзерде тутылған.

2020-жыл 1-февральдан баслап:
- пиллешилик ҳәм тутшылық шөлкемлерине тамшылатып суўғарыў системасын енгизген ҳалда жаңадан шөлкемлестирилген тутзарлардың ҳәр бир гектарына 8 миллион сумға шекем;
- майданы 35 гектардан зыят тутзарларда суў шығарыў ушын бурғыланған қудықты, сондай-ақ, дәрьялар, каналлар ҳәм басқа суў ҳәўизлеринен суўды тартыў ушын насос станциясын қурыўға 120 миллион сумға шекем субсидия усынылады.

Буннан басқа, “Ўзбекипаксаноат” бирлеспеси аймақлық “Агропилла” ЖШЖлерине тийисли тутзарлар тәжирийбе сынаў ретинде халыққа шаңарақлық подряд тийкарында 1 гектардан 3 гектарға шекем бөлистириледи.