Янгиликлар
21
Билесизбе
Билесизбе
Төмендегилер хызметкердиң тийкарғы мийнет ҳуқықлары есапланады (https://lex.uz/docs/142859):
- өз мийнети ушын Мийнетке ҳақы төлеў бирден-бир тариф сеткасының биринши разряды бойынша белгиленгенинен аз болмаған муғдарда ҳақы төлеў;
- мүддетлери шегарасы белгиленген жумыс ўақтын орнатыў, бир қатар кәсиплер ҳәм жумыслар ушын жумыс күнин қысқартыў, ҳәр ҳәптелик дем алыс күнлери, сондай-ақ ҳақы төленетуғын жыллық дем алыслар бериў арқалы тәмийинленетуғын дем алыс;
- қәўипсизлик ҳәм гигиена талапларына жуўап беретуғын шараятларда мийнет етиў;
- кәсипке таярлаў, қайта таярлаў ҳәм маманлығын асырыў;
- жумыс пенен байланыслы ҳалда саламатлығына ямаса мал-мүлкине келтирилген зыянның орнын қаплаў;
- кәсиплик аўқамларына ҳәмде хызметкерлер ҳәм мийнет жәмәәтлериниң мәплерин көрсетиўши басқа шөлкемлерге бирлесиў;
- қартайғанда, мийнет қәбилетин жоғалтқанда, бағыўшысынан айырылғанда ҳәм нызамда нәзерде тутылған баска жағдайларда социаллық тәмийинат алыў;
- өзиниң мийнет ҳуқықларын қорғаў, соның менен бирге суд арқалы қорғаў ҳәм жоқары юридикалық жәрдем алыў;
- жәмәәтлерге байланыслы мийнет келиспеўшиликлеринде өз мәплерин қуўатлаў.