Янгиликлар
15
Пахта теримин механизациялаў жеделлестириледи
“Республика аймақларында пахта зүрәәти теримин механизациялаў дәрежесин асырыў ис-илажлары ҳаққында”ғы Ҳукимет қарары (21-сан, 14.01.2020-ж.) қабыл етилди.
Қарарға муўапық:
биринши басқышта (2020 – 2022-жыллар) Жиззах, Қашқадәрья, Сырдәрья ҳәм Ташкент ўәлаятларында;
екинши басқышта (2023 – 2026-жыллар) республиканың қалған аймақларында пахта зүрәәтин жыйнап алыўды механизациялаўды енгизиў жеделлестириледи.
Жиззах, Қашқадәрья, Сырдәрья ҳәм Ташкент ўәлаятларындағы пахта териў машиналары хызметинен пайдаланғанлық ушын қәрежетлердиң 30 процентин Финанс министрлиги тәрепинен қаплап бериў әмелияты 2020-жылда сақлап қалынады.
Қарар менен 2020 – 2026-жылларда республикада пахта теримин механизациялаў дәрежесин асырыў ҳәм пахта териў машиналарын ислеп шығарыўды шөлкемлестириў ис-илажлары режеси мақулланды.
Сондай-ақ, “Ўзагротехсаноатхолдинг” АЖ системасындағы шөлкемлер киргизилмеген түрде:
тендер өткерместен ең жақсы усынысларды таңлап алыў жолы менен аўыл хожалығы техникасы ислеп шығарыў ушын пүтинлеўши буйымлар, шийки зат ҳәм материаллар сатып алыўға, транспорт хызметлери ҳәм басқа хызметлер бойынша тиккелей шәртнамалар дүзиўге;
пүтинлеўши буйымлар, шийки зат ҳәм материалларды импорт етиўде товарлар еркин айланысқа (импорт) ушын шығарыўдың бажыхана режимине жайластырылған сәнеден баслап ҚҚС төлеўди 270 күн кешиктирип әмелге асырыўға рухсат берилди.
Ҳуқықый үгит-нәсият ҳәм ағартыўшылық бөлими