Bog'lanish

Telefon
(+998 55) 101-10-08

Elektron manzil
qoraqalpoq@adliya.uz

Habar yuborish
Ishonch telefoni 1008

Янгиликлар

04

Прописка қылыў тәртиби әпиўайыласты


“Өзбекстан Республикасында турақлы ҳәм ўақтынша прописка қылыў тәртибин жәнеде әпиўайыластырыў илажлары ҳаққында”ғы Ҳүкимет қарары (1049-сан, 28.12.2019-ж.) қабыл етилди.

Қарарға муўапық, пуқараларды турақлы ҳәм ўақтынша прописка қылыў, турған орны бойынша есапқа алыў тәртибин әпиўайыластырыў бойынша, соның ишинде төмендегилер белгиленди:
пуқараларды прописка қылыў, пропискадан шығарыў ҳәм турған орны бойынша есапқа алыў жасаў орнына жақын ҳәм оларға қолайлы болған қәлеген район (қала) ИИБлери тәрепинен әмелге асырылады;
пуқараларды прописка қылыў ямаса турған орны бойынша есапқа алыўда үй-жай мүлкдарлары жеке өзи қатнасыўы талап етилмейди, ҳүжжетлер олардың электрон санлы имзасы менен тастыйықланады;
пуқаралар жаңа жасаў орнына келгенде турақлы прописка қылыў ямаса турған орны бойынша есапқа алыў ушын ҳүжжетлерди усыныў мүддети 10 күнге шекем узайтылды.
Қарар менен, Өзбекстан пуқараларын Ташкент қаласы ҳәм Ташкент ўәлаятында турақлы прописка қылыў, пропискадан шығарыў ҳәм турған орны бойынша есапқа алыў тәртиби ҳаққындағы реже тастыйықланды.
Режеге муўапық, турақлы пропискаға ийе болыў ҳәм турған орны бойынша есапта турыў ушын пуқаралар МХОларға ямаса Бирден бир интерактив мәмлекетлик хызметлери порталы арқалы мүрәжат етиўи де мүмкин.
Мәмлекетлик хызметлер көрсетиў ушын БЕМның 2 проценти муғдарында мәмлекетлик бажы өндириледи.
Қарарға муўапық, пуқараларды турған орны бойынша есапқа алыў тараўында мәмлекетлик хызметин көрсетиў тәжрийбе сыпатында Ташкент қаласының Бектемир ҳәм Чилонзор районларында, 2021-жыл 1-январдан баслап республика көлеминде тек ғана МХОлар арқалы әмелге асырылады.
Қарар менен сондай-ақ, Шет ел пуқаралары ҳәм пуқаралығы болмаған шахсларды Ташкент қаласы ҳәм Ташкент ўәлаятында турақлы ҳәм ўақтынша прописка қылыў тәртиби ҳаққындағы Режелер тастыйықланды.
Сондай-ақ, Ташкент қаласында ҳәм Ташкент ўәлаятында турақлы прописка қылыныў ҳуқықына ийе болған шахслар – шет ел пуқаралары ҳәм пуқаралығы болмаған шахслар қатламларының дизими тастыйықланды

Ҳуқықый үгит-нәсият ҳәм агартыўшылық бөлими