Bog'lanish

Telefon
(+998 55) 101-10-08

Elektron manzil
qoraqalpoq@adliya.uz

Habar yuborish
Ishonch telefoni 1008

Янгиликлар

14

“Tashkent Law Spring” және сизди күтеди!


2020-жылдың  23-25-апрель күнлери  Ташкент қаласында “Tashkent Law Spring” II Халықаралық юридикалық форумы болып өтеди.

Форум Өзбекстан Республикасы Әдиллик министрлиги тәрепинен шерик шөлкемлер қатнасында екинши мәрте шөлкемлестирилмекте.
Мағлыўмат ушын: “Tashkent Law Spring” Халықаралық  юридикалық  форумы биринши мәрте 2019-жылдың апрель айында шөлкемлестирилди. Онда 1 200 ден артық ҳуқықтаныўшы ҳәм басқа тараўлар қәнигелери қатнасып, олардан 250 ўи 40 тан зыят мәмлекеттен келген сырт ел қатнасыўшылар есапланады. Форум сессияларында улыўма есапта 134, соннан 100 сырт ел экспертлер баянат жасады.
Бүгинги күнде, IT-технологиялардың инсан өмиринде кең орын ийелеўи, глобалласыўдың күшейиўи ҳәм Интернет жәҳән мәлимлеме тармағының кеңейиўи ҳуқық тараўларына да тиккелей тәсир өткерилип атырғанын, усы мәселелерди ҳуқықый тәртипке салыў зәрүр екенлигин инабатқа алып,  II Халықаралық юридикалық  форумның бас темасы “Ҳуқық 4.0” деп аталады ҳәмде дискуссия сессиялары темалары тийкарынан Төртинши индустрия революциясы шараятында ҳуқықтың орнына бағышланады.
Соның менен бирге, Форум илажлары даўамында медиация, арбитраж, адвокатура, корпоратив басқарыў, қымбат баҳалы қағазлар, интеллектуал мүлк, мәмлекетлик жеке шериклик, коррупцияға қарсы гүрес ҳәм комплаенс, монополияға қарсы гүрес, ҳуқықый билимлендириў ҳәм илим ҳәм басқа көплеп әҳмийетли темалар додаланады.
Форум илажлары, өзбек, рус ҳәм инглис тиллеринде алып барылады.
Толық мағлыўмат ушын http://tashkentlawspring.uz сайтына кириң ямаса Өзбекстан Республикасы Әдиллик министрлиги жанындағы Ҳуқықый сиясат изертлеў институтының (+99871) 268-28-41, (+99871) 268-28-43 телефон номерлерине қоңыраў етиң.

Ҳуқықый үгит-нәсият ҳәм ағартыўшылық бөлими