Янгиликлар
14
Жаңа сайланған депутатлар қашан ўазыйпасына кириседи?
Олий Мажлис Нызамшылық палатасы ҳәм жергиликли Кеңеслери депутатлығына сайлаўлар өз жуўмағына жетти. Депутатлар қашаннан баслап өз ўазыйпасына кириседи, Бас министр лаўазымына талабан көрсетиў қашан әмелге асырылады деген сораўлар көпшиликти қызықтырмақта.
Бул процесс төмендеги тәртипте әмелге асады:
Биринши, Конституцияға тийкар, ўәкиллик мүддети тамамланғаннан соң, Олий Мажлистиң Нызамшылық палатасы ҳәм Сенаты жаңа шақырық Нызамшылық палатасы ҳәм Сенаты жумыс баслағанына шекем өз искерлигин даўам еттирип турады.
Екинши, Сенат ағзаларының сайлаўы Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси, жергиликли кеңеслер депутатлары сайланғанынан кейин 1 айдан кешиктирмей өткериледи.
Сенат ағзалығына талабанлар көрсетиў Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң ҳәмде тийисли жергиликли Кеңеслериниң қоспа мәжилисинде әмелге асырылады.
Мағлыўмат ушын: Орайлық сайлаў комиссиясының тийисли қарарына көре, Сенат ағзалары сайлаўы бойынша ўәкиллик органлары депутатларының қоспа мәжилислери 2020-жылдың
16-17-январь күнлери өткериледи.
Үшинши, Нызамшылық палатасының биринши мәжилиси Нызамшылық палатасына сайлаўдан кейин еки айдан кешиктирмей, Сенаттың биринши мәжилиси болса Сенат қәлиплестирилгенинен кейин бир айдан кешиктирмей Орайлық сайлаў комиссиясының шақырығына тийкар өткериледи.
Биринши мәжилислерде тийислише Сенат Баслығы ҳәм Нызамшылық палатасы Спикери сайланады, палаталардың комитетлери дүзиледи ҳәмде искерлигин шөлкемлестириў менен байланыслы басқа мәселелер де көрип шығылады.
Усы мәжилистен соң жаңа сайланған депутатлар ҳәм сенаторлар өз ўазыйпасына кириседи.
Төртинши, Министрлер Кабинети жаңа сайланған Олий Мажлис алдында өз ўәкилликлерин жуўапкершилигинен азат етеди, бирақ Министрлер Кабинетиниң жаңа қурамы қәлиплестирилгенге шекем өз искерлигин даўам еттирип турады.
Министрлер Кабинетиниң өз ўәкилликлерин жуўапкершиликтен азат етилиўи жаңа қәлиплестирилген Сенаттың биринши мәжилиси өткерилген күнде Олий Мажлистиң палаталарына Бас министр тәрепинен жазба мүрәжат бериў арқалы әмелге асырылады.
Бесинши, Бас министр талабаны Нызамшылық палатасына сайлаўда ең көп депутатлық орынларын алған сиясий партия ямаса тең муғдардағы ең көп депутатлық орынларын қолға киргизген бир неше сиясий партия тәрепинен усынылады.
Президент усынылған Бас министр лаўазымына талабанды көрип шыққаннан кейин он күн ишинде оны Олий Мажлис палаталарының көрип шығыўы ҳәм тастыйықлаўы ушын усынады.
Бас министр талабаны ол ушын тийислигинше Олий Мажлис ағзалары улыўма санының ярымынан көби тәрепинен даўыс берилген жағдайда тастыйықланған есапланады.
Алтыншы, Министрлер Кабинети ағзалығына (соның менен бирге, министрлер, мәмлекетлик комитетлер баслықлары) талабан Нызамшылық палатасына жуўапкер комитет, сиясий партиялар фракциялары ҳәм депутатлар топарлары тәрепинен дәслепки тәризде көрип шығылғаннан кейин Нызамшылық палатасының мәжилисинде көрип шығылады ҳәм мақулланады.
Министрлер Кабинети ағзасы лаўазымына талабан оның талабанлығын Нызамшылық палатасында көрип шығыў ҳәм мақуллаў ўақтында өзиниң тийисли ҳәрекетлер режесин усынады.
Министрлер Кабинетиниң ағзасы Өзбекстан Республикасы Президенти тәрепинен тастыйықланғаннан кейин өз ўазыйпаларын орынлаўға кириседи.
Жетинши, Сенат ҳәм Нызамшылық палатасының қоспа мәжилислеринде Президент мәмлекетлик социаллық – экономикалық турмысының, ишки ҳәм сыртқы сиясатының зәрүр мәселелери бойынша баянат бериўи мүмкин.
Атап айтқанда, жақын күнлерде Президенттиң жаңа қәлиплестирилген Парламентке дәстүрий мүрәжатнамасы күтилмекте.
Сондай-ақ, қоспа мәжилисте Министрлер Кабинетиниң жақын мүддетке ҳәм узақ келешекке мөлшерленген ҳәрекет дәстүри еситиледи.
Бул тараўдағы ўақыялар раўажын бизди каналда бақлаўды даўам етиң...
Ҳуқықый үгит-нәсият ҳәм ағартыўшылық бөлими