Янгиликлар
13
Нызамшылықтағы_жаңалықлар
Ден саўлықты сақлаў министрлиги системасындағы айырым хызметлер аутсорсингке өткериледи
“Өзбекстан Республикасы Ден саўлықты сақлаў министрлиги дүзилмесиндеги шөлкемлерде аутсорсинг хызметлерин көрсетиў тәртиби ҳаққындағы режени тастыйықлаў ҳаққында”ғы Ҳүкимет қарары (16-сан, 10.01.2020-ж.) қабыл етилди.
- Қарарға муўапық, Ден саўлықты сақлаў министрлиги дүзилмесиндеги шөлкемлерде төмендеги хызметлер аутсорсингке өткериледи:
- Медициналық емес хызмет түрлери:
- қарыйдарларды аўқат пенен тәмийинлеў;
- кир жуўыў хызмети;
- имарат ҳәм сооружениелерди сақлап турыў, сондай-ақ, оларды инженер-техникалық системаларына хызмет көрсетиў ҳәм оңлаў.
- Медициналық хызмет түрлери:
- медициналық буйымларды зыянсызландырыў.
Усы дизимдеги келтирилмеген хызметлер аутсорсерге мәмлекетлик медициналық шөлкеминиң усынысы тийкарында Ден саўлықты сақлаў министрлиги менен келисилген ҳалда өткериледи.
Қарар менен тастыйықланған режеге көре, аутсорсинг хызметлерине (қарыйдарды аўқат пенен тәмийинлеў хызметинен басқа ) ҳақы төлеў муғдарлары Ден саўлықты сақлаў министрлиги дүзилмесиндеги шөлкемлер тәрепинен тийисли хызмет өзине түсер баҳасына аутсорсердиң қәрежетлерин қаплаў мақсетинде 20 процентке шекем үстеме ҳақыны есапқа алған ҳалда белгиленеди.
Ҳуқықый үгит-нәсият ҳәм ағартыўшылық бөлими