Bog'lanish

Telefon
(+998 55) 101-10-08

Elektron manzil
qoraqalpoq@adliya.uz

Habar yuborish
Ishonch telefoni 1008

Янгиликлар

10

2020–2022-жылларға мөлшерленген Инвестиция дәстүри тастыйықланды


#Нызамшылықтағы_жаңалықлар

2020–2022-жылларға мөлшерленген Инвестиция дәстүри тастыйықланды

“Өзбекстанның  2020–2022-жылларға мөлшерленген Инвестиция дәстүрин әмелге асырыў ис-илажлары ҳаққында”ғы Президент қарары (ПҚ-4563-сан, 09.01.2020-ж.) қабыл етилди.

Қарар менен Өзбекстанның 2020-2022-жылларға мөлшерленген Инвестиция дәстүри тастыйықланды.
Дәстүрде, соның ишинде, төмендегилер нәзерде тутылған:
- 850,5 трлн сум инвестициялар,
35,5 млрд АҚШ доллары муғдарындағы сырт ел инвестицияларын өзлестириў;
- 206 жаңа ислеп шығарыў қуўатлары ҳәм 31 мыңнан аслам жумыс орынларын жаратыў.

Қарарға көре, Өзбекстан атынан ямаса кепиллиги астында сыртқы қарызды тартыў бойынша
2020-жылда жаңа имзаланатуғын шәртнамалар шеңбериндеги жойбарлар “2020-жыл ушын Өзбекстанның Мәмлекетлик бюджети ҳаққында”ғы Нызам менен белгиленген шегаралық көлемлер шеңберинде анықланады.

Сондай-ақ, баҳасы 50 млн АҚШ долларынан асатуғын ҳәм сырт ел инвестордың үлеси
50 проценттен кем болмаған инвестиция жойбарлары шеңберинде ислеп шығарыў майданынан сырттағы зәрүр сыртқы инженерлик-коммуникация тармақларын бюджет қаржылары ҳәмде финансластырыўдың басқа ишки дереклери есабынан қурыў тәртиби усы инвестиция жойбарлары төмендеги талапларға сәйкес келген жағдайда қолланылады:
- жойбардың экономикалық нәтийжелилиги бар екенлиги;
- Урбанизация агентлигиниң жойбарды соралып атырған жер участкасында жайластырыўдың мақсетке муўапықлығы ҳаққындағы жуўмағы бар екенлиги;
- жойбардың жойбар алды ҳүжжетине мәмлекетлик экология экспертизасының унамлы жуўмағы бар екенлиги (зәрүр жағдайларда).