Янгиликлар
10
“Әдиллик министри ҳәм жаслар” ушрасыўы болып өтти
“Әдиллик министри ҳәм жаслар” ушрасыўы болып өтти
Усы жылдың 10-январь күни Қарақалпақстан Республикасы Әдиллик министри Салауатдин Худайбергенов пенен тараўда жумыс алып барып атырған жаслардың ушырасыўы болып өтти.
Ушырасыўда Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2019-жыл 27-декабрь күни Муҳаммед ал-Хорезмий атындағы мәлимлеме технологиялары мектебинде жаслар менен ушырасыўда билдирилген пикир ҳәм усыныслары ҳәм ўазыйпалар ҳаққында сөз етилди.
Хабарыңыз бар журтбасшымыз бул ушырасыўда 2020-жыл жасларға байланыслы мәмлекетлик сиясатта кескин бурылыс жылы болады деп атап өтти.
Соны атап өтиўимиз лазым мәмлекетимизде жақында болып өткен сайлаўларда Олий Мажлис Нызамшылық палатасы депутатлығына 9 жигит-қыз сайланды ал жергиликли кеңеслердиң 10 процентин жаслар қурады. Бул көрсеткишлер елимизде жас әўладқа жас кәнигелерге деген итибардан дерек береди.
Бүгинги күнде Қарақалпақстан Республикасы Әдиллик министрлигинде жумыс алып барып атырған хызметкерлердиң 30 пайызын жаслар курайды. Олар арасында мәмлекетлик стипендия жеңимпазлары, «Өзбекстан белгиси» көкирек нышаны ийелери, жас илим докторларыда бар. Сондай-ақ, Әдиллик министрлиги тараўында жаслар жетекшиси сайланып жас хызметкерлер арасында түрли илажларды әмелге асырып олар менен тығыз байланыста жумыс алып бармақта.
Илаж даўамында Нөкис қаласы 6-санлы мәмлекетлик нотариал кеңсеси нотариусы Арыўхан Әметова Жаслар арасында ҳуқық билимданлары таңлаў ҳәм пән олимпиадалар санын көбейтиўди усыныс етти.
Буннан басқада жаслардың өз пикир-усыныслары тыңланды ҳәм алдағы ўақытта олардың белсендилигин асырыў, машқалаларын үйрениў бойынша тийисли ўазыйпалар белгилеп алынды.
Хурлиман Нуржанова