Янгиликлар
28
Нызамшылықтағы жаңалықлар
Инвестициялар ҳәм сыртқы саўда министрлигиниң ҚХРдағы Ўәкилханасы ўазыйпалары белгиленди
“Инвестициялар ҳәм сыртқы саўда министрлигиниң Қытай Халық Республикасындағы ўәкилханасы искерлигин шөлкемлестириў илажлары ҳаққында”ғы Ҳүкимет қарары (1041-сан, 26.12.2019-ж.) қабыл етилди.
Қарар менен Инвестициялар ҳәм сыртқы саўда министрлигиниң Қытай Халық Республикасындағы
Ўәкилханасы искерлигиниң тийкарғы ўазыйпалары ҳәм бағдарлары белгилеп берилди.
Соның ишинде, Ўәкилхана жоқары дәрежедеги сапар жуўмақлары бойынша “Жол карталарына” киргизилген ХХР менен саўда-экономикалық, инвестициялық ҳәм финанс-техника байланыс тараўындағы жойбарлар ҳәм дәстүрлер әмелге асырылыўын тәмийинлейди.
Ўәкилхана Инвестициялар ҳәм сыртқы саўда министрлигине есабат береди ҳәм өз искерлигин министрдиң улыўма басшылығы астында әмелге асырады.
Ўәкилханаға инвестициялар ҳәм сыртқы саўда министри тәрепинен лаўазымға тайынланатуғын ҳәм лаўазымнан азат етилетуғын директор басшылық етеди.
Ўәкилхана директоры өз дәрежеси бойынша Өзбекстанның ҚХРдағы елшиханасы мәсләҳәтшиси лаўазымына теңлестириледи.
Ўәкилхана Өзбекстанның ҚХРдағы сырт ел шөлкемлерине республикаға инвестицияларды, финанслық-техника жәрдем қаржыларын тартыў ҳәм жергиликли ислеп шығарыўшылар товарлар экспортын хошаметлеўде, туристлерди тартыўда жәрдемлеседи.
Мағлыўмат ушын: Инвестициялар ҳәм сыртқы саўда министрилигиниң Кытай Халық Республикасындағы Ўәкилханасы Президенттиң 2019-жыл
4-майдағы қарары (https://lex.uz/docs/4381463) менен шөлкемлестирилген.
Ҳуқықый үгит-нәсият ҳәм ағартыўшылық бөлими