Янгиликлар
27
Коррупцияға қарсы гүресиўдиң ҳуқықый тийкарлары
Коррупция – бул шахстың өз лаўазым ямаса хызмет статусынан жеке мәплери ямаса басқа шахслардың мәплерин гөзлеп материаллық ямаса материаллық емес пайда алыў мақсетинде нызамға қайшы түрде пайдаланыўы, тап сондай бундай пайданы нызамға қайшы түрде усыныў есапланады.
Усы көз-қарастан алғанымызда Коррупция – мәмлекет ҳәм жәмийеттиң раўажланыўына, халықтың әдилликке болған исенимине зыян жеткериўши үлкен қәўип болып есапланады.
Бул иллетке қарсы гүресиў ҳәр бир мәмлекеттиң тийкарғы ўазыйпаларынан бири есапланады ҳәм бул бағдарда бир қатар халықаралық ҳуқықый ҳүжжетлер қабыл етилген.
Атап айтқанда:
- мәмлекетлик лаўазымлы шахслардың халықаралық әдеп-икрамлылық кодекси;
- Коррупция бойынша жынайый жуўапкершилик конвенциясы;
- коррупция бойынша пуқаралық-ҳуқықый жуўапкершилик конвенция ҳәм усы Конвенцияга қосымша протокол;
- Бирлескен миллетлер шөлкеминиң 2003-жыл 31-октябрь күнги Коррупцияға қарсы Конвенциясы.
9-декабрь Халықаралық коррупцияга қарсы гүресиў күни деп жәрияланды.
Өзбекстан Республикасы 2008-жыл 7-октябрь күни 158-санлы Нызамы менен БМШиниң Коррупцияга қарсы гүресиў ҳаққындағы Конвенциясына қосылды.
Мәмлекетимизде коррупцияға қарсы гүресиў ҳам усы жынаяттың алдын алыў бойынша бир қатар ҳуқықый ҳүжжетлер ислеп шығылған.
Атап айтқанда, 2017-жыл 3-январь күни коррупцияға қарсы гүресиў тараўындағы қатнасықларды тәртипке салыўшы “Коррупцияға қарсы гүресиў ҳаққында”ғы Нызам қабыл етилди.
Нызамға муўапық, коррупцияға қарсы гүресиў тараўындағы мәмлекетлик сиясаттың тийкарғы бағдарлары төмендегилерден ибәрат:
халықтың ҳуқықый сана ҳәм ҳуқықый мәдениятын жоқарылатыў, жәмийетте коррупцияға қарата аяўсыз мүнәсибетти қәлиплестириў;
коррупцияга байланыслы ҳуқықбузарлықларды өз ўақтында анықлаў, оларга шек қойыў, олардың ақыбетлерин ҳәм оларға имкан бериўши себеп ҳәм шәраятларды сапластырыў.
Коррупцияға қарсы гүресиў системасы нәтийжелилигин асырыў, ең жоқары дәрежедеги қолайлы исбилерменлик орталығын жаратыў, мәмлекетимиздиң халықаралық майдандағы абырой-итибарын асырыў мақсетинде 2019-жыл 27-май күни Өзбекстан Республикасы Президентиниң ПП-5729-санлы Пәрманы қабыл етилди.
Пәрман менен 2019-2020-жылларда коррупцияға қарсы гүресиў мәмлекетлик дәстүри қабыл етилди.
2019-жыл 1-августтан баслап эксперимент сыпатында дәслепки басқышта қурылыс ҳәм жоқары билимлендириў тараўларында, ал 2020-жыл 1-апрелден баслап басқа тараўларда да басқышпа-басқыш “Коррупциясыз тараў”ы әмелге асырылады.
2019-жыл 1-июлден баслап мәмлекетлик уйымлары жуўапкершилигине жүклетилген ўазыйпа ҳәм функцияларды әмелге асырыўда жүзеге келетуғын коррупция қәўип-қәтерлерин мәжбүрий баҳалап барады.
Хабарыңыз бар, усы жылдың 13-декабрь күни Өзбекстан Республикасы Президентиниң “Конституция ҳәм нызам үстинлигин тәмийинлеў, бул бағдарда жәмийетшилик қадағалаўын күшейтириў ҳәмде жәмийетте ҳуқықый мәдениятты жоқарылатыў бойынша ис-илажлар ҳаққында”ғы Президент қарары қабыл етилди.
Қарарда мәмлекетимизде нызам үстинлигин тәмийинлеў, коррупцияға қарсы гүресиў бойынша бир қатар илажлар белгилеп берилди. Атап айтқанда, 2020-жыл 1-майға шекем суд ислерин шешиўге араласыў, әдилсиз ҳүким, уйғарыў, бийлик, қарар шығарылыўына ерисиў мақсетинде судьяға тәсир еткенлик ушын жуўапкершиликти күшейтириўди нәзерде тутқан нызам жойбарын ислеп шығыў;
2020-жыл 1-мартқа шекем алдынғы сырт ел тәжрийбесин үйренген ҳалда ҳәр бир тараў бойынша жәмийетшилик қадағалаўды әмелге асырыўдың тәсиршең ҳәмде заманагөй системаны жаратыў бойынша комплекс дәстүрди ислеп шығыў;
Мәмлекетлик орган ҳәм шөлкемлерде ислеўши хызметкерлерге коррупцияға қарсы гүрсеиў тараўындағы нызамшылық талапларын түсиндириў бойынша ушрасыўлар шөлкемлестириў сыяқлы ўазыйпалар белгиленди.
Қарақалпақстан Республикасы
Әдиллик министрлиги
жетекши мәсләҳәтшиси Насиба Кутлымуратова