Bog'lanish

Telefon
(+998 55) 101-10-08

Elektron manzil
qoraqalpoq@adliya.uz

Habar yuborish
Ishonch telefoni 1008

Янгиликлар

26

Коррупция – мәмлекет раўажланыўына кери тәсирин тийгизиўши иллет


Коррупция машқаласы ҳәм оған қарсы гүресиў мәселеси ҳәзирги дәўирдиң әҳмийетли ўазыйпаларынан бири есапланып бул иллеттиң мәмлекет турмысында ен жайыўы оның раўажланыўына өзиниң кери тәсирин тийгизип халықтың мәмлекетке, лаўазымлы шахсларға деген исенимин жоғалтыўына алып келеди.
Коррупция атап айтқанда, демократиялық процесслердиң әмелге асыўына тосқынлық етеди, экономикалық раўажланыўдың пәсейиўине, кадрлар сапасының төменлеўи соның ақыбетинде бәрше тараўлардың ақсаўына, жәмлескен жынаятшылықтың пайда болыўына, социаллық-сиясий бийқарарлыққа себеп болады.
Бүгинги илим ҳәм технологиялар раўажланыў әсиринде мәмлекеттиң раўажланыўы, демократиялық ҳуқықый жәмийет қурыў жолында елимизде алып барылып атырған терең реформалардың әмелге асыўында унамсыз тәсирин тийгизиўши «Коррупция» иллетин ҳәр қанша айтсақта орынлы. Бул иллеттиң раўажланып ҳәўиж алып кетиўи бүгин басланған емес.
Уллы грек ойшылы Аристотельдиң айтыўынша «Ҳәр қандай мәмлекетлик дүзилистиң ең әҳмийетлиси – бул Нызамлар ҳәм басқа қағыйдалар тийкарында лаўазымлы шахсларға дәрамат излеў, мәплениў имканиятын қалдырмаў» деп билдирген еди. Бул пикирдиң турмыслық әмел етиўи ретинде ҳүкиметимиз тәрепинен бир қанша реформалардың алып барылыўы, елимиздеги барлық лаўазымлы шахсларға олардың турмыслық мүтәжликлерин қанаатландырыў мақсетинде айлық ис ҳақыларының асырылыўы, олардың мийнетине сай хошаметлениўи мәмлекетлик хызметкерлер дәраматларын декларация етиў системасын басқышпа-басқыш енгизиў бойынша исленип атырған илажларды айтып өтсек орынлы.
Деген менен коррупцияға қарсы гүресиў бойынша алып барып атырған илажлардың гейбир орынларда ақсап атырғанының гуўасы болмақтамыз.  
Сондай-ақ Француз сиясатшы ҳәм ҳуқықтаныўшысы Шарль Луи Монтескье «…әсирлер даўамындағы тәжирийбелерден белгили, лаўазымға ийе болған шахс оннан нызамсыз пайдаланыўға бейим ҳәм ол сол бағдардан өзи қәлеген нәтийжеге ериспегенше тоқтамайды» - деп билдирген. Демек ҳәр қандай лаўазымлы шахс өзи ийелеп турған лаўазымынан нызамға қайшы рәўиште пайдаланып жәмийеттиң ҳәм сол тараўдың раўажланыўына кесент етеди. Мәмлекет тәрепинен исенип тапсырылған лаўазымға, мәмлекетке, жәмийетке қыянет етип, оған раўажландырыўды жетилистириўди белгилеп берген имканияттан басқа нийетлерде пайдаланып сол тараўдың гүллеп жаснаўына тосқынлық етеди.
Көплеген белгили батыс ойшыллары коррупцияның келип шығыў себеплерине айырықша итибар қаратып, атап айтқанда Никколо Макиавелли коррупцияны көркемлеп чахотка кеселлигине уқсатып яғный басланыўында билиў аңлаў қыйын, бирақ емлеў аңсат, ал егер ол өтлесип кетсе оны емлеў қыйын. Бул тәрийиплеў жүдә шынлыққа дурыс келеди ҳәм коррупцияның дүньяға тарқалыўының бүгинги жағдайының баҳаланыўында заманагөй есапланады.
Коррупция көринислериниң себеп ҳәм шараятларын сапластырыў бойынша жаңаша илажлар ислеп шығылмақта.
Елимизде коррупцияға қарсы гүресиў бойынша бир қатар нызам ҳүжжетлери қабыл етилип, олар тийкарында ҳәр бир тараўға белгилеп берилген ўазыйпалар әмелге асырылмақта. «Өзбекстан Республикасында коррупцияға қарсы гүресиў системасын жәнеде жетилистириў ис-илажлары ҳаққында» Президент Пәрманы қабыл етилди. Пәрман менен барлық мәмлекетлик органларға коррупцияға қарсы гүресиў бойынша ўазыйпалар белгиленди. Мәмлекетлик органлардың коррупцияға  қарсы гүресиў бойынша координаторлар шөлкемлестирилип олардың өз-ара бирге ислесиўин тәмийинлеў, кеңселик ис-илажларды әмелге асырыў үстинен ишки қадағалаў механизмин күшейтиў белгилеп берилди. Бул өз гезегинде белгиленген ўазыйпаларды орынлаўда кеңселик координаторлардың тек ғана мәмлекетлик органларда емес ал жергиликли өзин-өзи басқарыў органлары ҳәм барлық мәмлекетлик тараўларды қамтып, ондағы лаўазымлы шахслардың мәплер соқлығысыўының алдын алыў тәртиплери көрсетилди.
Бул иллеттиң келип шығыў ҳәм раўажланыў факторларын қанша үйренип, оны тоқтатыў ҳәм сапластырыўды ең алды менен жәмийеттеги ҳәр бир инсан өзинен баслаўы керек. Ҳәр бир шахс өзиниң билими ҳәм келешекте жетик маман қәниге болып жетилисиўине тек ғана билим ҳәм мийнети менен ерисе алатуғынлығына исенип ҳәрекет етиўи лазым болады.
Жуўмақлап айтқанда,  Коррупцияға қарсы гүресиў жолында мәмлекет раўажланыўына тосқынлық ететуғын күшлерге дус келиўине қарамастан өзиниң мақсети ушын тынбай мийнет етип ҳәм өзиниң әтирапындағыларға үгит-нәсият ҳәмде түсиндириў жумысларын алып барса жәмийетимиздиң ҳәр бир шахсы коррупцияға қарсы гүрес алып барып атырғанлығынан дерек береди.

Қарақалпақстан Республикасы
әдиллик министрлиги хызметкери       Гүлзиба Хожаметова